Тамыр ҳәм бармақтан қан тексериўиниң өзгешелиги неде?

Вена қан-тамырдан, капилляр қан болса бармақтан алынады. Екиншисиниң бир қатар кемшиликлери бар.
Тийкарғы кемшилиги бармақтан қан 2 мл ға шекем алыныўы мүмкин. Бул тек ғана улыўмалық қан тести ҳәм глюкоза тести ушын жетерли. Басқа изертлеўлер ушын 2,5тен 10 млға шекем қан керек болады ҳәм егер бир ўақыттың өзинде бир неше тестлер болса, шама менен 30 мл керек болыўы мүмкин.
Бармақтан бундай муғдарда қан сығып болмайды.
Буннан тысқары, капилляр қанды алыўда қан клеткалары зақымланыўы мүмкин.
Бармақ тесилиўи ўақтында тери көбирек зақымланғанлығы себепли биоматериалға тоқымалар ҳәм клетка ишиндеги суйықлықлар, сондай-ақ, қан жибиў факторлары түсиўи мүмкин. Бул элементлер тест нәтийжелерине кесент етиўи мүмкин.
Бармақтан қан тек ғана үш жасқа шекемги балалардан клиникалық қан тексериўи, глюкоза, холестерин, АСТ, АЛТ, улыўмалық ҳәм тиккелей билирубин, белок ҳәм кретинин ушын алынады.
Үлкен жастағыларда бармақтан қан алыў усыныс етилмейди, себеби капилляр қанда гемоглабин ҳәм гематокрит веноз қанға қарағанда жоқары, калий, калций ҳәм улыўмалық протеин муғдары төмен болады. Глюкоза көрсеткишлеринде де киши айырмашылықлар бар.
Буннан тысқары, веноз қан кислородтан айырылып, тоқымалардың газ алмасыўы нәтийжесинде карбонат ангидрид пенен байытылады.
Соның ушын жасы үлкенлер веноз қан тапсырыўы керек. Бирақ айырым жағдайларда медицина хызметкерлери капилляр үлги алыўына туўра келеди.
Тамырдан ҳәм бармақтан қан тестине таярлық көриўде айырмашылық бар ма?
Қан тапсырыўдан алдын анықлаўыңыз керек болатуғын бир нәрсе – оны аш қарынға тапсырыўы керек пе ямаса жоқ екенлигин билиў. Ҳәм бул қан алынатуғын орынға емес, ал тексерилетуғын анализге байланыслы.
Клиникалық қан тестин жеңил азанға аўқатланыўдан кейин 2-3 саат өткеннен соң алыў мүмкин. Бирақ глюкоза, холестерин ҳәм гормонлар ушын қан тестлери қатаң түрде аш қарынға алынады.
Егер сизде бундай анализлер буйырылған бола, қан тапсырыўдан 8-12 саат алдын аўқатланбаўыңыз керек.
Қан тапсырыўда болса алдыннан 1-2 стакан суў ишиў усыныс етиледи.
Денеңизде жетерли муғдарда суйықлық болса, анализ алыўды аңсатластырады.
Шыпакер сизге тест өткериў ушын жоллама бергенинде, қан тапсырыўдан алдын аўқат жеўиңиз мүмкин бе ямаса жоқ па, соны сораң.
Қарақалпақстан хабар агентлиги