Пикир: Барлық шараят бар, тек ҳадал хызмет етиў керек

195

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында бажыхана уйымлары хызметкерлери арасында коррупцияға жол қойылыўының алдын алыў бойынша хызметкерлердиң ата-аналары ҳәм өмирлик жолдаслары, жақын туўысқанларының қатнасыўында гезектеги профилактикалық ушырасыў болып өтти.

Илажда басқарма баслығы З.Турдалиев шығып сөйлеп, Президентимиз тәрепинен тараўға көрсетилип атырған жоқары итибар нәтийжесинде барлық бажыхана басқармалары ҳәм бажыхана постларының инфраструктурасы түп-тийкарынан жаңаланғанлығы, хызметкерлер ушын мүнәсип хызмет шараятлары жаратылғанлығы, заманагөй офис, мәлимлеме технологиялары ҳәм мебель үскенелери менен толық тәмийинленгенлигин атап өтти. Системадағы хызметкерлердиң коррупция жолына кирип қалмаўына хызметкерлер менен бир қатарда оның жақынлары, шаңарақ ағзалары да жуўапкер екенлиги, бул иллетке қарсы хызметкердиң шаңарақ ағзалары менен биргеликте гүресиў зәрүр екенлиги, ҳадал, пәк хызмет есабынан келип атырған ырысқы-несийбеден артық нәрсе жоқ екенлиги ҳаққында ҳәр тәреплеме тоқтап өтти.

Ашық дөгерек сәўбетлесиўи түринде болып өткен ушырасыўда хызметкерлердиң ата-аналары да системадағы реформалардан разы екенин билдирип, шаңарақлық орталықты және де жақсылаў перзентлериниң жумыс нәтийжелилигине, ҳадал ҳәм пәк хызмет етиўине унамлы тәсир ететуғынын, бажыхана уйымлары ҳәм шаңарақ институтлары арасында өз-ара тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў усынысын қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

– Шаңарақ муқаддес дәргай. Ҳәр бир инсанның жумыс нәтийжелилиги шаңарағындағы тынышлық, қәтержамлық, шаңарақлық орталыққа тиккелей байланыслы. Шаңарақтағы түсинбеўшиликлер, жетиспеўшиликлер, ҳәдден тыс артықша жүклеме ҳәм мүтәжликлер хызметкердиң коррупция иллетине бейимлигин қәлиплестириўши фактор есапланады,-дейди басқарма баслығы, бажыхана хызмети полковниги З.Турдалиев.

Бундай ушырасыўлар бажыхана уйымлары ҳәм хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары арасындағы өз-ара бирге ислесиўди және де беккемлеп, шаңарақлық тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеўге, сондай-ақ, хызметкерлер тәрепинен жүз бериўи мүмкин болған жөнсиз ҳәрекетлердиң алдын алып, өз хызмет ўазыйпаларын және де шын кеўилден атқарыўға шақырады, деп ойлаймыз.

Бажыхана хызметкерлериниң ата-аналары ҳәм шаңарақ ағзаларына коррупциялық факторларды анықлаў бойынша аноним сораўнамалар усынылды.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги