Транспорт қуралларын пиядалар жолларынан жүргизгени ушын жуўапкершилик белгиленди

192

Ендигиден былай транспорт қуралларын пиядалар жолларынан жүргизгени ушын жуўапкершилик белгиленди, деп хабар бермекте «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы.

Мәлим етилиўинше, нызамға муўапық, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске айдаўшылардың транспорт қуралларын тротуарлардан, пиядалар ҳәм велосипед жолларынан ҳәм оларға тутас аймақларда қурылған жасыл майданлардан жүргизгени, жол ҳәрекети қатнасыўшыларының ҳәрекетине тосқынлық етиўши нызамсыз тосқынлықлар ҳәм басқа қурылмалар орнатылғанлығы, сондай-ақ, жөнелисли транспорт қураллары ушын айрықша ажыратылған сызығы бар жолдан транспорт қураллары ҳәрекетленгенлиги менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгилениўин нәзерде тутыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Киргизилген қосымшаға бола, жөнелисли транспорт қураллары ушын айрықша ажыратылған сызығы бар жолдан транспорт қуралларының ҳәрекетлениўи (руқсат етилген жағдайлар буған кирмейди) БЕМниң 1 есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

Мине, усындай ҳуқықбузыўшылықты ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин 1 жыл даўамында қайта ислеў БЕМниң 3 есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болатуғыны белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги