Мәмлекетлик уйымлардың инсан ресурсларын басқарыў бойынша жумысы нәтийжели шөлкемлестириледи

Министрлер Кабинетиниң усы жыл 9-апрельдеги «Республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының инсан ресурсларын басқарыў бойынша жумысын нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Қарар менен инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бөлимлери ҳаққындағы ҳәм ҳәкимликлердиң Шөлкемлестириў-кадрлар топары ҳаққындағы үлги режелери тастыйықланды.
Сондай-ақ, инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бөлимлериниң басшыларын аттестациядан өткериў тәртиби белгиленди. Оған бола, 3 айлық мүддетте мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бөлимлери (соның ишинде, ҳәкимликлердиң шөлкемлестириў-кадрлар топарлары) басшылары аттестациядан өткериледи.
Қарарға тийкарланып усы жылдың май айынан баслап, республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының инсан ресусрларын басқарыў бойынша жумысы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги тәрепинен hrm.argos.uz электрон платформасы арқалы баҳаланып барылады.
Қарарға муўапық, 2025-жыл 1-майдан, республика ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының инсан ресурсларын басқарыў бойынша жумысы Мәмлекетлик пуқаралық хызмети тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен баҳалап барылады. Республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бөлимлериниң басшылары усы қарар талаплары тийкарында Мәмлекетлик пуқаралық хызмети тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен аттестациядан өткериледи.
Қарар менен «Республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бөлимлери ҳаққында»ғы Үлги реже тастыйықланды. Бул Реже республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бөлимлериниң ўазыйпалары ҳәм функциялары, жумысын шөлкемлестириў тәртибин ҳәм оларға қойылатуғын талапларды белгилейди. Бөлим басшысы лаўазымына, қағыйда түринде, жоқары мағлыўматқа ийе болған, кеминде 2 жыл мийнет стажына ийе, мийнет ҳаққындағы нызамшылықты өзлестирген, инсан ресурсларын басқарыў ҳәм раўажландырыў ҳәм мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм шахсқа байланыслы мағлыўматлар менен ислесиў бойынша билимлерге ийе болған шахслар тайынланады.
Ш.Маматуропова, ӨзА