Пияздың баҳасы қымбатлай ма?

Соңғы күнлери социаллық тармақларда мәмлекетимизде ерте писер пияз баҳасының қымбатлағаны бойынша бир қатар хабар ҳәм жаңалықлар тарқалды.
Бул жағдай бойынша Аўыл хожалығы министрлиги баспасөз хызмети төмендегилерди мәлим етти.
Атап өтилиўинше, 2024-жыл май-июнь айларында пияздың баҳасы 500-1000 сумға түсип кеткени себепли усы жылы Жиззақта 5 мың гектар, Наўайыда 6,7 мың гектар, Наманганда 8,4 мың гектар, Самарқандта 14 мың гектар, Сурхандәрьяда 2,6 мың гектар, Сырдәрьяда 2,8 мың гектар, Ташкентте 2,6 мың гектар, Хорезмде 7,6 мың гектар аз пияз егилген.
Соған қарамастан, республикамызда быйыл жәми 1 412 мың тонна пияз жетистирилиўи күтилмекте. Бул өткен 2024-жылға қарағанда 12 мың тоннаға көп.
Салыстырыў ушын 2024-жыл 1-апрельде жаңа пияздың баҳасы 5-6 мың сумды қураған болса, 7-апрельде пияздың баҳасы 3-3,5 мың сумға шекем түскен. Быйыл 1-апрельде жаңа пияз 7-8 мың сумды қураған болса, ҳәзирги күн жағдайына баҳа 4-5 мың сумға шекем арзанласқан.
Сондай-ақ, 2024-жылдыӊ өниминен резервке алынған 121 мың тонна пияздың 75 мың тоннасы усы күнге шекем ишки тутыныў базарына саўдаға шығарылған, қалған 46 мың тонна пияз ҳәзирги күнде 2-3 мың сумнан сатылмақта. Писиў дәўирине қарап усы жылдың 15-апрелинен пияздың баҳасы 2-2,5 мың сумға шекем арзанлаўы күтилмекте. Буннан тысқары, апрель айының 2-3-декадалары 70 мың тонна, май айында болса 90 мың тоннадан артық пияздыӊ писип жетилисиўи күтилмекте.
Тараў ўәкиллериниң атап өтиўинше, ҳәр бир мәўсимде аўыл хожалығы егинлериниң биринши пискен ўақтында баҳалардыӊ көтерилиўи бақланады. Бирақ, бул ўақтынша жағдай болып есапланады.
Айырым аймақларда дийқанлар әдеттегиден артық қаржы талап етиўши инновациялық агротехникалық илажларды қолланыў арқалы өз өнимин әдеттегидей 10-15 күн алдын жетистирип базарға шығаратуғыны ҳеш кимге сыр емес. Бул аўыл хожалығы өнимлерине болған талаптың өзине тәнлигин келтирип шығарыў менен бирге, базар принциплерине муўапық баҳа белгилениўине фактор болады.
Муҳайё Тошқораева,
ӨзА