Нөкисте автотранспорт тығылысларының алдын қалай алсақ болады?

202

Журналист пикир айтады

Көпшиликке белгили болғанындай соңғы жыллары елимизде автомобиль ислеп шығарыў санааты жеделлик пенен раўажланып, аймақларда жаңа заводлар қурылмақта. Бул болса, қала ҳәм аўылларымызда жаңа маркадағы автотранспортлардың санының күн сайын артып,  жолларымызда тығылысларды пайда етпекте.

Автотранспортлардың бундай тығылыслары бурын Ташкент қаласында бақланған болса, мине бүгинги күни бундай унамсыз жағдайлар республикамыз пайтахты Нөкис қаласында да бақланбақта. Әсиресе, Нөкис Орайлық базары тәрепинен Гөне қала, 27-26-киширайон, ямаса, бурынғы П. Сейтов көшеси арқалы Орайлық мешит тәрептен Дослық каналы үстинен М.Жуманазаров көшеси менен Орайлық Базар тәрепке  өтетуғын жолларда, Ташкент мийманханасы көпири әтирапында жүз берип атырған жағдайлар адамлардың алтыннан қымбат ўақтын урлаўы менен бирге, айырым ўақытлары авариялық ўақыяларды келтирип шығарып, оларға руўхый ҳәм материаллық зыянлар келтирмекте.

Бундай унамсыз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде, Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы тәрепинен бир қатар илажлар исленгени менен, бул ислер толық өзиниң унамлы нәтийжесин берип атыр деп айта алмаймыз.  Себеби, пайтахтымыздағы басым көпшилик жоллар усы ноқатларда өз-ара кесилисип, Орайлық Базар жанында ҳәр тәрепке бөлинеди. Соның менен бирге, тилекке қарсы, жылдың барлық мәўсиминде республикамыз, соның ишинде, пайтахтымызда жайласқан жумыс орынлары, мектеплер, балалар бақшалары, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынлары азанда саат 8:30-9:00 әтирапында басланып, түсте ҳәм кеште дерлик бирдей ўақытта тамамланады. Бул болса, автотранспортлардың тығылысына тийкарғы себеп десек болады.

Сонлықтан мен де усы жәмийеттиң бир ағзасы, Нөкис қаласының турғыны сыпатында, республикамыз ҳүкимети ҳәм билимлендириў шөлкемлери басшыларынан жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында бәҳәрги ҳәм гүзги мәўсимлерде азанғы сабақтың басланыў ўақтын азанда саат 8:00 ге өзгертсек мақул болама деп ойлайман. Сондай-ақ, қыстың күнлери де жолдың жағдайынан келип шығып, сабақ ўақтын өзгертип барыў лазым. Сонда ғана соңғы жыллары жолларымызда жийи бақланып, атырған бахытсыз жол транспорты ҳәдийселериниң алдын алыўға болады, деген пикирдемиз.

Адилбай Оразов,    

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы