Регион кәсиплик аўқамлары ҳәрекети ҳәм бирге ислесиўдеги әҳмийетли платформа

Қырғыз Республикасының пайтахты – Бишкек қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери кәсиплик аўқамлары Кеңесиниң VII мәжилиси болып өтти, деп хабар береди xs.uz.
Регион кәсиплик аўқамлары ҳәрекети ҳәм бирге ислесиўинде әҳмийетли орынға ийе бул абырайлы әнжуманда миллий кәсиплик аўқам шөлкемлери, мәмлекетлик уйымлар ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисте Орайлық Азия мәмлекетлери кәсиплик аўқамлары Кеңесиниң бас хаткери Муродил Жумадилде улы, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының баслығы Қудратилла Рафиқов, Қазақстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығы Сатыбалды Даулеталин, Тәжикстан ғәрезсиз кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығының биринши орынбасары Исмоил Файзизода, Түркменстанның Лебоп кәсиплик аўқамлары бирлеспесиниң баслығы Амангелди Жумаев, Монголия кәсиплик аўқамлары Конфедерациясының вице-президенти Баяраа Рагчаа қатнасты.
Илажда кадрлардың имканиятын раўажландырыў, жаслардың сиясатын беккемлеў, кәсиплик аўқамлары ушын қәнигелер таярлаў системаларын жетилистириў, социаллық бирге ислесиў механизмлерин кеңейтиў сыяқлы мәселелер додаланды.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының баслығы Қудратилла Рафиқов өзиниң баянатында региондағы бүгинги тынышлық ҳәм турақлылық, мәмлекетлераралық бирге ислесиў жаңа мәнис-мазмунға ийе екенлигиниң негизинде аймақтағы мәмлекетлер басшыларының биргеликтеги ақылға уғрас қарарлары, сиясий ерк-ықрары ҳәм исенимлилик көрсетип атырғанын, жақында ғана Хоженд қаласында болып өткен Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Өзбекстан Президентлериниң ушырасыўы усыған айқын мысал бола алатуғынын атап өтти. Сондай-ақ, жыллар даўамында жыйналып қалған машқалалар да өз шешимин таўып атырғаны, өз-ара биргеликтеги ири жойбарлар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
Атап өтилгениндей, Қырғызстан ҳүкимети тәрепинен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясына Ыссыкөлден он гектар жер майданы ажыратылған болып, усы аймақта халықаралық талапларға жуўап беретуғын кәсиплик аўқамлары санаторий комплекси қурылмақта.
Соның менен бирге, Қ.Рафиқов усы жыл июль айының соңында Өзбекстанда кәсиплик аўқамлары шөлкемлериниң дослық фестивалының өткерилиўи, онда региондағы барлық қоңсы мәмлекетлер, сондай-ақ, Түркий тиллес мәмлекетлер ўәкиллериниң қатнасыўы күтилип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтип, бул илаж туўысқан халықларымыз арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын және де раўажландырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.
Орайлық Азия мәмлекетлери кәсиплик аўқамлары Кеңесиниң VII мәжилиси өз-ара регионаллық қатнасықларды және де беккемлеў, усы процеслерде кәсиплик аўқамларының орнын ҳәм ролин арттырыў, әҳмийетли социаллық мәселелерди шешиўде бирге ислесиў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги