Ески Түркстанда жәм болды дүнья

Өзбекстан – глобал сөйлесиў ҳәм тәжирийбе алмасыў майданына айланды
Аўа, пүткил дүньяның нәзери бир неше күн даўамында тарийхый Туран менен Түркстан үлкесиндеги уллы ел Өзбекстанға тасланды. Дүнья жүзи жер силкиниў қәўпиндеги терек сыяқлы қалтырап, зорға турған қорқынышлы заманда дүньядағы 140 тан артық мәмлекетлерден келген сиясатшылар, парламент ағзалары, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери өзбек топырағында бир дөгерек, бир дастурхан әтирапында отырып инсаният тәғдирине қәўип салып атырған қәтерлердиң алдын алыў, мәмлекетлер, миллетлер арасындағы барды-келдилерди күшейтиў илажлары ҳаққында пикирлести, әҳмийетли қарарлар қабыллады.
Себеби, ҳәзирги ўақытта дүнья жаңаша қағыйдалар тийкарында жасамақта. Кеште уйқыға кетип, ерте таңда сизди нелер күтип атырғанын, үлкен-үлкен минберлерден және қандай баянатлар, шағымлар жаңлаўын болжап та, көз алдыңызға келтире де алмайсыз. Россия ҳәм Украина, Израил ҳәм Ҳамас арасындағы тартыс, Ғазадағы аўыр жағдай-жас балалар ҳәм ҳаял-қызлар өлиминиң соңы көринбей атырғаны, Сириядағы жағдай, Иран-АҚШ қатнасықларындағы кескинлик, Ливандағы тынышсызлық, жеккеленип қалған Аўғанстан, қүдиретли мәмлекетлер арасында басланған ҳәм ҳәўиж алып атырған «бажы»лар урысы, АҚШ ҳәм Европа арасындағы суўықлық, БМШқа исенимсизлик, халықаралық нызам-қағыйдаларды менсинбеў ҳәм ядролық қәўип-қәтерлер фонында Өзбекстанда еки ири халықаралық әнжуманның өткени ҳақыйқый мәниде итибарға ылайық болды. Дүнья халқының Өзбекстанға болған итибар, ҳүрмет ҳәм меҳир-муҳаббатын жаңа дәрежелерге алып шықты.
Бириншиси, 4-апрель күни әййемги Самарқанд үлкесинде болып өткен «Орайлық Азия-Европа Аўқамы» биринши саммити. «Келешекке инвестиция» сүрени астында өткен бул илаж дүнья халықаралық мәлимлеме қуралларында кеңнен жарытылды. Әнжуман ең әҳмийетли машқалалар – мәмлекетлер, халықлар, регионлар арасындағы дослықты беккемлеўге, өз-ара беккем экономикалық тилеклесликке, социаллық, мәдений раўажланыўға бағышланды. Илажда еки континент мәмлекетлериниң басшылары – Европа кеңеси Президенти Антониу Кошта, Европа комиссиясы Президенти Урсула фон дер Ляйен, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, сондай-ақ, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки президенти Одил Рено-Бассо ҳәм Европа инвестиция банки администрациясы қатнасты. Бул мәжилисте делегациялар басшылары еки регион арасындағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша усыныслар билдирди. Жасалма интеллект, «үлкен мағлыўматлар», санластырыў ҳәм космослық изертлеўлер тараўында илимий-технологиялық алмасыў бойынша биргеликтеги бағдарлама ислеп шығыў басламасы алға қойылды. Орайлық Азия мәмлекетлери менен Европа Аўқамының биринши саммитинде терроризм, экстремизм, радикализм, кибержынаятшылық, наркотрафик ҳәм нызамсыз миграцияға қарсы гүресиўде бирге ислесиў мәселелери додаланды.
Әнжуманда европалы бирге ислесиўшилердиң терроризмге қарсы гүрес мәселелери бойынша сөйлесиўди жолға қойыў усынысы бир аўыздан пенен қоллап-қуўатланды. Европа Аўқамының регион қәўипсизлигине садықлығын билдиретуғын – «ВОМСА» ҳәм «CADAP» бағдарламалары шеңбериндеги әмелий бирге ислесиўди, сондай-ақ, Аўғнастанда тыныш раўажланыўды тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтлесиўлерди даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Биринши саммит соңында еки регион арасында стратегиялық шериклик орнатыўды нәзерде тутыўшы Биргеликтеги декларация ҳәм оғада әҳмийетли минераллар тараўында бирге ислесиў ҳаққында декларация қабылланды.
Самарқанд әнжуманы және бир мәрте Өзбекстанның дүнья сиясатында тутып атырған орнын, Өзбекстан тымсалында регион еллериниң халықлары, басшыларының тилеклеслигин, бул регион дүнья сиясатында өзине тән роль атқарыўы мүмкин екенлигин анық көрсетти.
Ҳәзирги ўақытта, Европаның әййемги Туран үлкелери менен бирге ислесиўи айырым «досларымыз»ға жақпағаны, олардың ойына қурт түскенин де естен шығармаў керек…
Күни кеше пайтахт Ташкентте өз жуўмағына жеткен Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы болса ҳақыйқый мәниде Өзбекстан ҳәм ол тутқан жол қәншелли дурыс екенлигине және бир жарқын мысал. Әнжуманда 140 тан артық мәмлекеттиң 2 мыңға шамалас депутатлары қатнасты. Өзбекстан пайтахтында дүньядағы жағдай, машқалалар тилге алынды, талланды.
Әсиресе, әнжуманда Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиеёвтиң қатнасып ҳәм шығып сөйлеген сөзи миллионлаған кеўиллерди бирдей саза бергенин айрықша атап өтиў керек. Дүньяның ҳәр қыйлы регионларындағы келиспеўшиликлер глобал ҳәм регионаллық тынышлық ҳәм қәўипсизликке айрықша қәўип салып атырғаны, Украина кризиси БМШ басшылығында, әмелдеги халықаралық нормалар тийкарында шешилиўи керек екенлиги, Палестина кризиси ушын бирден-бир шешим «еки халық ушын – еки мәмлекет» принципи екенлиги, Аўғанстанды өз машқалалары менен жалғыз қалдырмаў, қайта тикленетуғын энергияға үстинлик бериў, «жасыл» технологияларға өтиўди қоллап-қуўатлаў – келешек әўладлар алындағы ўазыйпалар, жасалма интеллект тараўында пүткил дүньяда ойын қағыйдалары бирдей болыўы керек екенлиги, Парламентлераралық аўқам системасында Жаслар парламентлериниң глобал платформасы зәрүр екенлиги, пүткил дүнья кәмбағаллықтан қутылыў жолын биргеликте излеўи керек екенлиги ҳаққындағы усыныслар халқымыздың ерк-ықрары, даўысы менен жаңлады.
Қатарында 181 миллий парламент ҳәм 15 бақлаўшы мәмлекет ҳәм 25тен аслам халықаралық ҳәм парламентлераралық шөлкемлерден 2 мыңға шамалас делегатлар қатнасқан бул Аўқамның юбилей Ассамблеясы тек ғана Өзбекстанда ямаса Орайлық Азия регионында емес, ҒМДА аймағында да биринши мәрте болып өтти.
– Мен де 15 жыл даўамында парламент ағзасы болғанман, дүньяны тыныш-татыў, жәмийетлерди және де абадан етиўге қаратылған уллы жумысыңыз қаншелли жуўапкершиликли екенин жақсы билемен ҳәм түсинемен. Сизлер – халықларды бир-бирине байланыстырыўшы беккем дослық көпирисиз. Сизлер – адамлардың дәрти менен тәшўиши ҳәм машқалаларын ең төменги системадан баслап, керек болса, регионаллық ҳәм халықаралық көлемге алып шығыўға, оларға нәтийжели шешим табыўға ерисе алған қүдиретли күшсиз. Бундай жоқары исеним ҳәм ҳүрметти биз елимизде алып барылып атырған кең көлемли демократиялық реформалар, парламентаризм ҳәм ўәкилликли ҳәкимиятты раўажландырыў бағдарында ерисилип атырған үлкен нәтийжелердиң тән алыныўы сыпатында қабыл етемиз,-деп атап өтти өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев.
Жақында жәрияланған «Парламенттеги ҳаял-қызлар 1995-2025-жыллар» атамасындағы есабатқа бола, Өзбекстан Азия регионында ең жоқары көрсеткишке еристи, сондай-ақ, соңғы 30 жыл ишинде ҳаял депутатлар санының өсиўи бойынша да жетекши болып келмекте. Өзбекстанда күшли парламентти қурыў, нәтийжели парламент дипломатиясын қолланыў ушын кең шараятлар жаратылмақта.
Өзбекстан парламент бағдарында глобал әҳмийетке ийе болған бир қатар халықаралық басламаларды алға қойып киятырғаны оған айқын мысал. Атап айтқанда, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының «Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўди жеделлестириўде парламентлердиң ролин күшейтиў ҳаққында»ғы резолюциясы қабыл етилиўи бунған дәлил бола алады. Тилеклеслик, тынышлық ҳәм демократияны беккемлеў сүрени астындағы Парламентлераралық Аўқамның усы сессиясында бул күнниң ең әҳмийетли мәселе ҳәм машқалалары додаланды. Әнжуман даўамында дүньяның абырайлы парламент делегациялары тәрепинен халықты социаллық қорғаў, кәмбағаллықты қысқартыў, нызам үстинлигин тәмийинлеў, инсан ҳуқықларын қорғаў, гендер теңликке ерисиў, илим технологияны раўажландырыў ҳәм басқа да әҳмийетли темалар додаланды. Мақсет, парламентлер арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў, тынышлық ҳәм демократияны беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратыўдан ибарат еди, әлбетте. Әнжуман шеңберинде дерлик 80 илаж өткерилди. Олардың ҳәр биринде ҳәзирги күн ушын актуал болған регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер көрип шығылды. Әнжуманда тек ғана Өзбекстан, Орайлық Азия, Европа емес, ал улыўма дүнья жүзиниң әҳмийетли мәселе ҳәм машқалалары бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
Халықаралық Ассамблея Өзбекстан парламентиниң басламасы менен «Социаллық раўажланыў ҳәм әдиллик ушын парламент ҳәрекети» темасында өткерилгени терең символикалық мәниге ийе. Ҳәзирги күнде Жаңа Өзбекстан изге қайтпас демократиялық реформалар ҳәм прагматикалық сыртқы сиясат жолынан исенимли қәдем таслап, дүнья жәмийетшилиги менен тиккелей, ашық ҳәм жедел қарым-қатнас алып бармақта.
Дүньяның ҳәр қыйлы регионларындағы келиспеўшиликлер глобал ҳәм регионаллық тынышлық ҳәм қәўипсизликке айрықша қәўип салмақта. Парламентлераралық Ассамблея қатнасыўшыларының атап өтиўинше, соңғы жыллары дүньяның ҳәр қыйлы регионларында қураллы соқлығысыўлар (Россия-Украина, Израил-Палестина), экологиялық (Мьянма ҳәм Таиланд) ҳәм техноген апатшылықлар, экономикалық кризислер, «саўда урыслары» (АҚШ-Қытай), терроризм ҳәм экстремизм қәўиплери барған сайын күшейип бармақта. Бундай қурамалы шараятта дүньяда тынышлықты сақлаў, социаллық раўажланыў ҳәм әдилликти тәмийинлеўде парламентлердиң қатнасыўы ҳәм тәсирин арттырыўды заманның өзи талап етпекте. Айырым мәмлекетлерде соңғы жыллары урысқа қарсы шығыў, атыспаларды тоқтатыў, тынышлық ҳәм жарасыў ушын гүрес жағдайлары, тилекке қарсы, ашық қадағалаў астына алынбақта. Бундай жағдайларға бийпәрўа қараў мүмкин емес.
Өзбекстан парламентарийлериниң бул тараўдағы барлық усыныс ҳәм басламалары Парламентлераралық Аўқамның Стратегиясы мақсетлерине толық сәйкес екенлиги ассамблея қатнасыўшылары тәрепинен атап өтилгени, соның менен бирге, қарым-қатнасларымыз бүгинги тарийхый Ассамблея жуўмақлары бойынша қабыл етилген Ташкент декларациясында да өз көринисин тапқаны қуўанышлы, әлбетте.
Мәмлекетимиз басшысының баянатында дүньяда жүз берип атырған, ўақыя-ҳәдийселерди реал, әдил талланыўы, ортаға тасланған әҳмийетли ҳәм глобал усынысларының қатары мәжилис қатнасыўшыларына мәмлекетимизде парламент институтын раўажландырыў бойынша исленген жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат берип өткени, айрықша, итибарлы.
Соңғы жыллары Олий Мажлис Нызамшылық палатасының толық ўәкилликлери 5 еўден 12ге, Сенат ўәкилликлери болса 14тен 18ге арттырылғанына дыққат қаратайық. Президенттиң бир қатар ўәкилликлери нызам шығарыўшы ҳәкимиятқа өткерилди. Миллий парламентимизде ҳаял-қызлардың үлеси бүгин 38 процентке жетти. 2021-жылы Олий Мажлис палаталары жанында биринши мәрте жаслар парламентлериниң жумысы жолға қойылды. Бундай мағлыўматларды ушырасыў қатнасыўшылары жыллы күтип алды. Мәмлекетимиз ўәкиллери Азия Парламентлери Ассамблеясы, Орайлық Азия парламентлери форумы, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми Парламент Ассамблеясы, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Парламент Ассамблеясы сыяқлы структураларда белсене қатнасып атырғанын, бир сөз бенен айтқанда, Жаңа Өзбекстан үлкен дүньяға ашық, ҳәр қандай дослық қатнасықларына таяр екенлиги Президентимиз тәрепинен айрықша атап өтилди.
Соңғы жыллары елимизде БМШ институтлары ҳәм Парламентлераралық аўқам менен биргеликте Азия ҳаял-қызлар форумы ҳәм Дүнья парламентлери ҳаял басшылары саммити табыслы өткерилгени де Өзбекстанда ҳаял-қызлардың орны айрықша екенлигине жарқын дәлил.
Өзбекстан Президентиниң Ассамблеяда шығып сөйлеген сөзиндеги және бир әҳмийетли тәреп, бул жан қоңсымыз Аўғанстан мәселеси болып есапланады. Мен мәмлекетимиз басшысының «Бизге қоңсы болған Аўғанстан ҳаққында тоқтап өтпеў мүмкин емес. Бул мәмлекеттиң халықаралық майданда жекеленип қалыўына жол қоймаў, әмелдеги ҳүкимет пенен конструктивлик қарым-қатнас орнатыў, Аўғанстанға Орайлық Азия регионының ажыралмас бөлеги ҳәм жаңа имканиятлар мәканы сыпатында қараў керек деп есаплаймыз. Бул бағдарда парламентлердиң жәрдемине исенемиз» деген сөзлерин тыңлағанда, белгили шайыр ҳәм ойшыл, сиясатшы Муҳаммед Иқбалдың буннан 120 жыл бурын айтып кеткен мына сөзлерин еследим: «Азияда бир терек бар. Ол жайнаса пүткил Азия гүркиреп жайнайды, егер қаўжырап қалса, оның бул жағдайы пүткил Азияға тәсир етеди. Билиң, бул терек Аўғанстандур». Аўа, жан қоңсымыз Аўғанстан гүллеп-жаснаўы керек.
Әлбетте, дүньядағы ҳеш бир мәмлекет ҳәм жәмийет тек ғана көплеген нызам ямаса қарарлар қабыл етиў менен раўажлана алмайды. Ҳәммемиз бул жолда бирлесип, нызам дөретиўшилиги руўхын күшейтип, бар билим ҳәм тәжирийбемизди бирден-бир мақсетке қаратыў арқалы улыўмалық мақсетимизге ерисе аламыз, деп атап өтти әнжуман қатнасыўшылары. Ассамблея шеңберинде өткен ҳәр қыйлы илажлар ҳәм дебатларда парламентлер алдында турған ең тийкарғы ўазыйпалар бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды ҳәм перспективалы режелер белгилеп алынды. Қабыл етилген барлық қарарлар болса көп тәреплемели ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўимиз тарийхында жаңа бет ашыўына гүман жоқ.
«Социаллық раўажланыў ҳәм әдиллик ушын парламент ҳәрекети» деген сүрен астында Ташкентте өткен улыўма жер жүзилик Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей ассамблеясы дүньяда социаллық интеграция, мүнәсип мийнет, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың қарар қабыл етиўдеги қатнасын кеңейтиў сыяқлы көплеген усы күнниң әҳмийетли мәселелери бойынша қабыл етилген тарийхый қарарлары менен тек ғана арнаўлы қабыл етилген – Ташкент декларациясында емес ал Орайлық Азия ҳәм дүнья парламентарийсы тарийхында өзиниң мүнәсип орнын ийелейди.
Ески Түркстанда жәм болды дүнья,
Дүньяға нур шашқай бул қутлы зия…
Абдусаид Кўчимов,
Өзбекстан Республикасы Олий
Мажлиси Сенатының ағзасы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги