Сенатта парламент делегациялары менен ушырасыўлар болып өтти

Олий Мажлис Сенатының Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң баслығы Алишер Агзамходжаев Кипр, Чехия ҳәм Хорватия мәмлекетлери парламентлери делегациялары менен ушырасыўлар өткерди.
Делегациялардың ағзаларына Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, нызамшылықты жетилистириў, мәмлекетлик басқарыў системасын модернизациялаў, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў бағдарында жумыслар бойынша мағлыўмат берилди.
Сөйлесиў барысында парламентлераралық байланысларды буннан былай да раўажландырыў, дослық топарларының жумысын кеңейтиў, нызам дөретиўшилиги, жәмийетлик сиясат, мәмлекетлик басқарыў ҳәм регионлараралық тараўларда тәжирийбе алмасыў мәселелери додаланды.
ӨзА