Ертең Алматада ҒМДА СИМ басшыларының ушырасыўы болып өтеди

190

Жума күни Қазақстанның Алмата қаласында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң мәжилиси ҳәм Россия менен Орайлық Азия мәмлекетлери дипломатиялық ўәкилханалары басшыларының ушырасыўы болып өтеди. Бул ҳаққында «РИА Новости» хабар тарқатты.

Жылына еки мәрте өткерилетуғын ҒМДАның бул илажы соңғы рет өткен жылы Москва қаласында болып өткен.

Россия СИМ гезектеги әнжуманда әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық машқалалар, соның ишинде 2025-жыл Аўқам форматындағы интеграциялық бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары додаланатуғынын билдирген. Тәреплер шегара қәўипсизлигин беккемлеў мәселесин де көрип шығыўы күтилмекте.

Атап өтилиўинше, мәжилис қатнасыўшылары Аўқамға ағза мәмлекетлерде Екинши жер жүзилик урыстағы жеңистиң 80 жыллығын белгилеўге таярлық көриў, бул бағдарда мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў мәселесине де айрықша итибар қаратады.

С.Раҳимов, ӨзА