Өзбекстан Республикасы Президенти Жәҳән банки менен кең көлемли шериклик нәтийжелерин қанаатланыўшылық пенен атап өтти

515

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 10-апрель күни Жәҳән банки топарының операциялар бойынша басқарыўшы директоры Анна Бьерде басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Өзбекстанның Жәҳән банки менен кең көлемли стратегиялық бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў, бәринен бурын, усы глобал қаржы институты тәрепинен елимизде әмелге асырылып атырған экономикалық реформалар стратегиясын қоллап-қуўатлаў мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыў басында Анна Бьерде мәмлекетимиз басшысына Жәҳән банки президенти Ажай Банганың сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Кейинги жылларда шериклик қатнасықлары жоқары дәрежеге шығып, салмақлы нәтийжелерди берип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Бүгинги күнде Өзбекстан банктиң ең ири бирге ислесиўшилеринен бири болып табылады. Жойбарлар портфели 12 миллиард доллардан асты. Жәҳән банки экономиканың әҳмийетли тармақлары ҳәм социаллық тараўдың турақлы раўажланыўын тәмийинлеўге қаратылған реформаларды әмелге асырыўда қаржылай, консультатив ҳәм техникалық жақтан жәрдем көрсетпекте.

Банктиң жәрдеми менен халықаралық қаржы институтларының қатнасыўында жойбарлар механизми жетилистирилди, оларды таярлаўды жеделлестириў ҳәм сапасын арттырыў бойынша жаңа тәртип қабыл етилди.

Кәмбағаллыққа қарсы гүресиў, бәринен бурын, туризм тараўында ҳаял-қызлар ҳәм жаслар ушын жумыс орынларын жаратыў, жеке секторды ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў бағдарламаларын қоллап-қуўатлаў, мәмлекетлик кәрханаларды трансформациялаў ҳәм меншиклестириў сыяқлы бағдарлар алдағы әмелий шерикликтиң әҳмийетли бағдарлары сыпатында атап өтилди.

Углерод шығындыларын азайтыў, урбанизация ҳәм инфраструктураны модернизациялаў, энергия нәтийжелилигин арттырыў, инвестициялық орталықты жақсылаў, елимиздиң ЖСШға ағза болыўына жәрдемлесиў бағдарында бирге ислесиў режелерине айрықша итибар қаратылды.

Ири регионаллық жойбарларды алға қойыў мәселелери бойынша да пикир алысылды.

ӨзА