Сырт ел  бирге ислесиўшилери менен ушырасыў

200

Өзбекстан фермерлери кеңеси баслығының орынбасары З.Мустафақулов Италияның CРЕА шөлкеминен келген экспертлерди қабыллады.

Ушырасыўда БМШ раўажланыў Бағдарламасы (БМШРБ) ҳәм Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң биргеликтеги «Аўыл хожалығы азық-аўқат секторының «жасыл экономика»ға  инклюзив өтиўди қоллап-қуўатлаў ҳәм климатқа бағдарланған аўыл   хожалығы билимлерин ҳәм инновациялық  системаны раўажландырыў  жойбары кеңнен додаланды.

Жойбар шеңберинде фермерлер ҳәм аўыл хожалығында инновациялар, аўыл хожалығы   өндирисин жетилистириў ҳәм фермерлердиң потенциалын арттырыў мәселелери додаланды. Соның ишинде, Мониторинг ҳәм баҳалаў системасын күшейтиў ушын  AKIS (Agricultural Knowledge and Innovation Systems)жумысына байланыслы атыз изертлеўлери, фермер хожалықларындағы нәтийжелиликти жақсылаў ҳәм олардың тийкарғы көрсеткишлерин (KPI) баҳалаўға айрықша итибар қаратылды.

Келешекте, фермер хожалықларының потенциалы ҳәм билимлерди арттырыў ушын биргеликтеги илимий-изертлеў жойбарларын әмелге асырыўға келисип алынды.  Бул бирге ислесиў, әсиресе, аўыл хожалығында инновациялық қарарларды енгизиў ҳәм климатқа бағдарланған өндиристиң нәтийжелилигин  арттырыўға жәрдем береди.

 ӨзА