Жәҳәнгир Әмир Темур – миллетимиз мақтанышы

Ҳәр бир миллеттиң мақтанышына айланған уллы ҳәм әпсанаўий шахслары болады. Уллы жәҳәнгир бабамыз Әмир Темур әне сондай миллетимиздиң мақтанышына айланған тымсалсыз тулға.
Усы күнлерде мәмлекетимиз бойлап Саҳыпқыран Әмир Темур туўылған күниниң 689 жыллығына бағышланған салтанатлы илажлар, әнжуманлар, илимпазлардың қатнасыўында сөйлесиўлер, ушырасыўлар болып өтпекте. Дәстүрге бола, пайтахтымыздың Әмир Темур аты менен аталыўшы гөззал ҳәм пайызлы паркинде де жәҳәнгир бабамыздың қутлы туўылған күни сәнесине бағышланған салтанатлы илаж өткерилди.
Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң жуўапкерлери, ҳәр қыйлы министрлик ҳәм уйымлар, дөретиўшилик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң хызметлерлери, жазыўшы ҳәм шайырлар, әскерлер, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, илимпаз ҳәм изертлеўшилер, студент-жаслар, мәмлекетимизде аккредитациядан өткен дипломатиялық корпус ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, сырт ел мийманлары қатнасты.
Халықаралық Әмир Темур қайырқомлық жәмийетлик фонды баслығы, Өзбекстан халық жазыўшысы Муҳаммед Али мәмлекетимизде тарийхымызды терең ҳәм толық үйрениў, әсиресе, уллы Саҳыпқыран Әмир Темур ҳәм темурийлер дәўири менен байланыслы өтмиш бетлерине итибарды және де күшейтиў, бул бағдарда республикамыз ҳәм сырт елдеги илимий дереклерге мүрәжат етиўге байланыслы ийгиликли жумыслардың қамтып алыныўы және де кеңейгенин атап өтти.
Ҳақыйқатында да, Әмир Темур өмири, мийнет жолындағы ибратлы тәреплери оның уллы атын дүнья тарийхының ең жарқын бетлерине алып шықты. Сол себепли оның аты дүньяда терең ҳүрмет, үлкен иззет пенен атап өтиледи.
Ҳәзирги ўақытта АҚШ пуқарасы болған аўғанстанлы илимпаз, Юнус Ражабий атындағы Өзбек миллий музыка көркем өнери институтының профессоры, тилши, әдебияттаныўшы ҳәм публицист Азизулло Орол жәҳәнгир Әмир Темур ҳәм темурийлер мийрасы ҳаққында сөз етти.
– Уллы инсан Әмир Темурды бир ўақытлары өз миллетинен узақластырыўға, оның өмири, өтмишин қәлбекилестириўге умтылыўдан тартынбады,-деди Азизулло Орол. -Ғәрезсизлик жылларында Әмир Темурдың пәк атын қайта тиклеўге ерисилди. Жаңа Өзбекстанда уллы илимпазлар, жәҳәнгир бабаларымыз тарийхын, ибратлы мийнет жолы ҳәм өмирин, ийгиликли сүренлери ҳәм әмеллерин үйрениўге үлкен итибар қаратылмақта. Әмир Темур өз өмири даўамында жаратқан дөретиўшилик, социаллық әдиллик, ҳақыйқатшыллық сыяқлы принциплер, оның «Күш-әдилликте» деген ийгиликли сүрени бүгин Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен әмелге асырылып атырған ийгиликли реформаларда өз көринисин таппақта.
Салтанатлы илажда халықаралық әскерий спорт жарысларының жеңимпазлары, Қорғаныў министрлиги әскерий хызметкерлери Алишоҳ Абдуллаев, Шоҳруҳ Жовқочев АҚШта әскерий хызмет бойынша өткерилген халықаралық жарыста ерискен жетискенликлери, усы табыслар тийкарында мәмлекетимизде Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен жаслар ушын жаратылған шараятлар жәмленгенин айрықша атап өтти.
Белгили шайыр, Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Шарифа Салимова Саҳыпқыран Әмир Темурға бағышлап жазған жаңа қосығын оқып берди.
Бизге белгили, Саҳыпқыранның дипломатиялық имканияты айрықша тарийхый темаға тийкар. Әмир Темур жанына келген испан елшиси Руи Гонсалес де Клавихо бул ҳаққында өзиниң пикирлеринде терең ҳүрмет пенен келтирилген. Саҳыпқыран жанына келген испан елшиси Руи Гонсалес де Клавихо монологин жас талант ийелери салтанатлы илажда оқыды.
Қорғаныў министрлиги системасындағы «Ҳүрметли қараўыл» бөлими ҳәм жаўынгерлик топардың көргизбели шығыўлары көрсетилди, министрликтиң Орайлық музыка ҳәм аяқ ойын ансамблиниң қосықшылары тәрепинен әскерий ўатансүйиўшилик темасындағы қосықлар атқарылды.
Жәҳәнгир Әмир Темур естелигине гүллер қойылды.

Уллы Саҳыпқыран туўылған күнине бағышланған салтанатлар пайтахытымыздағы Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейиндеги ири халықаралық әнжуманда, сондай-ақ, оқыўшылар ушын экскурсиялар, дөретиўшилик таңлаў ҳәм викториналар менен даўам етти.
Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы



























