Бирге ислесиў, тынышлық, тилеклеслик руўхы менен тарийхқа кирген Ассамблея

2025-жыл 5-9-апрель күни пайтахтымыз Ташкент қаласында Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы болып өтти.
Оған усы шөлкемге ағза болған мәмлекетлер парламентлери, парламентлераралық шөлкемлерден 2 мыңнан аслам делегат қатнасты. Ассамблея жумысын жүзлеген халықаралық шөлкемлер, сырт елли ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары тиккелей бақлап барды.
Өзбекстан Президентиниң басламасы менен Ташкентте парламентлер менен байланыслы бундай кең көлемли абырайлы әнжуан тек ғана Өзбекстанның емес, ал Орайлық Азия тарийхында биринши мәрте регионымызда өткерилгенин атап өтиў керек.
Дерлик бир ҳәпте даўам еткен абырайлы халықаралық әнжуман парламентлераралық сөйлесиў, өз-ара бирге ислесиў ҳәм тынышлық жолында бирлесиў руўхы менен ядта қалды.
“Социаллық раўажланыў ҳәм әдалат ушын парламент ҳәрекети” темасына бағышланған илажда кәмбағаллықты сапластырыў, мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў, социаллық инклюзивлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм қарар қабыллаў процессинде кемситилген топарлардың қатнасыўын кеңейтиў сыяқлы мәселелер ассамблеяда додалаў орайында болды.
Ассамблея жумысындағы әҳмийетли илажлар, жалпы мәжлислерди Парламентлераралық Аўқам Президенти Тулия Эксон, Парламентлераралық Аўқамның Бас хаткери Мартин Чунгонг, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы, усы ассамблея Президенти етип сайланған Танзила Нарбоева басқарып барды.
Парламентеларалық Аўқамның басшылығы Өзбекстанда әмелге асырылған реформалар, атап айтқанда, парламентте ҳаял-қызлардың санын дүньядағы орташа көрсеткиш (26 процент)тен бираз жоқары екенин атап өтти.








Ассамблея қатнасыўшалары тәрепинен Ташкент – парламент дипломатиясының пайтахтына айланғаны қайта-қайта тилге алынды. Ҳақыйқатында да, бул мәжилис глобал жәмийетшилик дус келип атырған машқалалар, қарама-қарсылықлар ҳәм келиспеўшиликлерди сөйлесиў арқалы шешиў мүмкин екенин көрсететуғын әҳмийетли майдан ўазыйпасын атқарды.
Ассамблеяға Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасып, шығып сөйлегени әнжуман қатнасыўшыларында үлкен тәсир қалдырды.
Ассамблеяның жуўмақлаўшы сессиясында Танзила Нарбоева барлық қатнасыўшыларға терең миннетдаршылық билдирди. Бул Ассамблея тек ғана тарийхый сәнени белгилеў емес, ал парламентлераралық бирге ислесиўде жаңа дәўир басланғанының символикалық көриниси екенин атап өтти.
Жуўмақлаўшы сессияда Тулия Эксон, Мартин Чунгонг шығып сөйлеп, ассамблеяның жоқары дәрежеде өткерилгени, Өзбекстан тәрепинен шараят ҳәм шөлкемлестириў жумыслары жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин айрықша атап көрсетти.
Ассамблеяның ең әҳмийетли ўақыяларынан бири – Ташкент декларациясының қабыл етилгени болды. Бул ҳүжжетте халықаралық парламентлераралық бирге ислесиўди тереңлестириў, тынышлық, турақлы раўажланыў ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша әҳмийетли принциплерге итибар қаратылды. Лекларация дүнья парламентлери арасында тилеклесликти беккемлеў ҳәм келешек әўладлар ушын турақлы сиясий орталық жаратыў жолында әҳмийетли басқыш болып хызмет етеди.
Ассамблея шеңберинде Турақлы комитетлердиң резолюциялары, айрықша мәселе бойынша қарар ҳәм улыўма додалаўдың жуўмақлаўшы ҳүжжети қабыл етилди. Парламентлераралық Аўқамның басқарыў кеңеси де өз жумысын табыслы жуўмақлады.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы