Туризм ҳәм Инвестиция мәселелери додаланды

Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 9-апрель күни аймақлардың туризм потенциалын арттырыў, сырт ел инвестициясы жойбарларын жеделлестириў мәселелерин додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Соңғы жыллары туризм экспорты 1,6 есеге артып, 3 миллиард 500 миллион долларға жетти, бул тараўда 2 мыңнан аслам жаңа исбилермен жумыс баслады. Өткен жылы сырт ел туристлериниң ағымы биринши мәрте 10 миллионнан артты.
Аймақларда туризм ҳәм сервис инфраструктурасы оғада тез раўажланбақта. Атап айтқанда, өткен 8 жылда 6 миллиард 500 миллион доллар инвестиция киргизилип, 130 мың мийманхана орны ашылған.
Бүгинги күнде 20 туризм аўылы жумыс ислемекте. Паркент районының «Алтын бел» шоққысында халықаралық дәрежедеги жаңа таў-лыжа зонасы қурылмақта.
Негизинде, елимиздиң тарийхы, мәденияты ҳәм тәбиятына тийкарланып, туристлерди және 2-3 есеге көбейтиў мүмкин. Бирақ, айырым аймақларда жол ҳәм транспорттың қолайлы емеслиги, кеўилашар орынлар ҳәм қызықлы бағдарламалар жетиспейтуғыны сыяқлы кемшиликлер бар.

Сонлықтан мәжилисте орынлардағы имканиятларды жүзеге шығарып, туризм бағдарларын көбетиў, туристлерге шараятларды кеңейтиў илажлары додаланды.
Мәселен, Сариосиё районы аймағының тийкарғы бөлеги таўлардан ибарат болып, қысқы туризм ушын үлкен потенциал бар. Бул жерде дар жолы, мийманхана ҳәм саўда-сервис хызметлери тараўында 200 миллион долларлық жойбарларды әмелге асырыў мүмкин. Чартақ районы да гөззал тәбияты, шыпалы суўы менен белгили.
Жуўапкерлерге усы сыяқлы 36 район ҳәм қаланы этно, гастрономиялық, медициналық, экстремаллық, мәдений-тарийхый, зыярат, киши ҳәм агротуризм тийкарында раўажландырыў бойынша бағдарлама ислеп шығыў тапсырылды.
Бүгинги күнде, “BBC”, “Euronews” сыяқлы абырайлы телеканалларда, 20 дан аслам халықаралық көргизбелерде Өзбекстанға саяхат кеңнен үгит-нәсиятланбақта. Виза тәртиплери әпиўайыластырылмақта, заманагөй самолётлар алып келинбекте.
Бул имканиятлардан пайдаланып, тараўдағы потенциаллы базарлардан туристлерди тартыў, тикеллей авиақатнаўларды жолға қойыў бойынша көрсетпелер берилди.

Ҳәзирги ўақытта Миллий туризм бирден-бир платформасы ислеп шығылмақта. Енди оған электрон виза бериў, билет алыў процесслери де қосылды. Сондай-ақ, барлық тарийхый естеликлерге кириў имканиятын беретуғын бирден-бир туристлик карта енгизиледи.
Соңғы жылларда ишки туризмге итибар күшейгени ушын жергиликли туристлердиң саны 23 миллионға жетти. Бирақ, елеге шекем басқа ўәлаятларға саяхатқа бармағанлар көплеп табылады.
Сонлықтан енди ҳәр айдың бир шемби-екшембиси «шаңарақ ҳәм жәмәәт пенен саяхатқа шығыў күни» деп жәрияланады. Жаслар арасындағы жарыс жеңимпазларына Өзбекстан бойлап саяхат жолламасы саўға етиледи.
Тараўдағы және бир бағдар – мәдений мийрас объектлери. Соңғы 4 жылда 327 усындай комплекс рестраврацияланып ҳәм консервацияланды. Ҳәзир және 485 объект оңланыў жағдайында.
Бул жумысларға жеке меншик секторды тартып, бизнес жойбарлаў мүмкин екенлиги атап өтилди. Мәдений мийрас объектлерин ижараға бериўди жетилистириў, оларға түсимлерди санластырыў ўазыйпалары көрсетип өтилди.

Туризм бойынша жоқары билимлендириў мүддети 4 жылдан 3 жылға азайтылып, дуал системаға өткериледи. Енди оның даўамы сыпатында, студентлерди әмелият ҳәм ислеў ушын сырт елге жибериў жақсы нәтийже береди.
Улыўма, бундай имканиятлар есабынан быйыл 15 миллион туристти тартыў ҳәм экспортты 4 миллиард долларға жеткериў мүмкин екенлиги атап өтилди.
Мәжилис күн тәртибиндеги мәселе – сырт мәмлекетлер менен бирге ислесиўдеги инвестициялық жойбарларды таллаў болды.
Быйыл биринши шеректиң өзинде Бирлескен Араб Әмирликлери, Малайзия, Кувейт ҳәм Францияға саапарлардың ўақтында 39 миллиард долларлық 178 жойбар бойынша келисимлерге ерисилди. Жақында Самарқандта өткен саммитте Европа Орайлық Азияға 12 миллиард евро ажырататуғынын мәлим етти.
Мәмлекетимизде 2025-жылы 42 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартыў нәзерде тутылған. 81 ири, 8 мыңнан аслам орта ҳәм киши жойбар әмелге асырылыўы, донор шөлкемлерден 2 миллиард доллар грант ҳәм банклер тәрепинен 6 миллиард доллар тартылыўы белгиленген.

Мәжилисте бул бағдардағы имканиятлар аймақлар ҳәм бирге ислесиўши мәмлекетлердиң кесиминде талланды.
Мәселен, алдын инвестор бармаған, темир жол ямаса магистраль жол да өтпеген Алтынсай районында 100 миллион долларлық 3 ири жойбар әмелге асырылмақта. Ямаса Қўшработта гранит тас қазып алыў ҳәм қайта ислеў бойынша 75 миллион долларлық 2 жаңа жойбар басланған. Изленсе, бундай имканиятлар ҳәр бир аймақта бар.
Өткен айда Лондонда «Өзбекстан инвесторлары күни» шөлкемлестирилди. Усы жылдың өзинде 2 миллиард 770 миллион доллар тартыў бойынша келисимге ерисилди. Бундай илажларды Нью-Йорк, Сингапур, Гонконг, Дубай, Шанхай, Токио, Стамбул сыяқлы бизнес орайларында да шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Меншиклестириўге байланыслы үлкен бағдарлама ислеп шығылмақта. Оған бола, 49 кәрханадағы мәмлекетлик үлес халықаралық базарда сатылыўы, 15 ири мәмлекетлик кәрхана евробонд шығарыўы мөлшерленген. Булар да сырт ел инвестицияларын тартыў ушын үлкен имканият.

Усы айда Жиззақта, июнь айында болса Ташкент қаласында халықаралық инвестиция форумлары өткериледи. Оларда инвесторларға усыныс етилетуғын жойбарлардың топламын пухта қәлиплестириў зәрүр.
Халықаралық қаржы институтлары менен жаңа системада ислесип атырғаны себепли жыл басынан берли 706 миллион доллар өзлестирилди. Ыссылық станциялары, аймақлық электр тармақлары, аўыл хожалығы, автожол ҳәм темир жол системаларындағы жойбарлар бир қанша алға жылжыды.
Бирақ, ўақтында орынланбаған ямаса тийкарсыз созылып атырған жағдайлар да бар. Буннан кейин таяр жойбарға өзгерислер киргизиў тек Ҳүкимет шеңберинде көрип шығылатуғыны, қосымша жумыслар жойбар тамам болған соң, үнемленген қаржы есабынан орынланатуғыны атап өтилди.
Ҳәзирги ўақытта қаржы шөлкемлери менен энергетика, транспорт, аграр, коммунал ҳәм социаллық тараўларда 20 миллиард долларлық жойбарлар әмелге асырылмақта. Сырт елли шериклер мәмлекетимизде реформаларды қоллап-қуўатламбақта.

Соның ишинде, өткен айларда Жәҳән банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Азия раўажланыў банки, Франция раўажланыў агентлиги, Ислам раўажланыў банкиниң Өзбекстандағы ўәкиллери Қарақалпақстан, Әндижан, Жиззақ, Сурхандәрья ҳәм Сырдәрьяға барып, 200 ге шамалас исбилермен менен бирге иследи. Қысқа ўақыт ишинде 1,5 миллиард долларлық жойбарларды қаржыландырыўға келисилди.
Бас министрдиң орнынбасарына бул әмелиятты системаға айландырып, басқа аймақларда да және кеминде 3 миллиард долларлық жйобарларды қәлиплестириў ўазыйпасы қойылды.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша министрлер, ҳәкимлер, сырт мәмлекетлердеги елшилер ҳәм тараўдағы исбилерменлердиң усыныслары тыңланды.
ӨзА