10 пуқара жумыс пенен тәмийинленди

Соңғы жыллары мәмлекетимизде Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында халықтың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта.
Әсиресе, жуўапкер шөлкемлер тәрепинен жумыссыз пуқараларды, соның ишинде ҳаял-қызларды, сырт еллерден қайтып келгенлерди жумысқа орналастырыўға айрықша дыққат бөлинбекте.
Республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы, Кегейли районында да район ҳәкимлиги, Прокуратурасы, Ишки ислер бөлими ҳәм Бәнтлик бөлими тәрепинен гезектеги бос жумыс орынлары ярмаркасы өткерилди.
Өткерилген ямаркаға райондағы 26 мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер, исбилерменлик субъектлери өзлеринде бар, улыўма 148 бос жумыс орынлары менен қатнасты.






Онда аймақ турғынлары бос жумыс орынлары менен жақыннан танысып, 10 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы