Аўыл халқы депутаттан миннетдар болмақта

182

Адамгершилик – уллы пазыйлет. Мийрим-шәпәәт, өзгелерге жақсылық ислеў менен жасаў инсанның адамгершилик пазыйлетлериниң бири.   Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Алишер Джуманазаров та мине усындай принциплерге әмел етип жасайды.

Депутат районда тәжирийбели исбилермен сыпатында танылған. Мәмлекетимизде  Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған кең көлемли реформаларды басшылыққа ала отырып, елдиң раўажланыўы, район ҳәм аўыл халқының аўырын жеңил етиў, социаллық жәрдем, кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай принципи, бәнтлик ҳәм исбилерменликке енди кирип киятырған жас исбилерменлерге әмелий ҳәм материаллық жәрдем көрсетиў бағдарында алып барып атырған ийгиликли жумыслары бәршени  қуўандырмақта.

А.Джуманазаров пидайы, халықшыл, қайырқом исбилермен болыў менен бирге, депутат сыпатында да халықтың ҳүрметине ерисип келмекте. Оның тиккелей ҳәрекетлери менен Нөкис районының “Саманбай,” “Үлгили мәкан,” “Ақманғыт,” “Дийқан арна” ҳәм “Тақыркөл” мәҳәллелери күннен -күнге абат болып бармақта. Халық ўәкилиниң итибары ҳәм ғамхорлығы себепли “Үлгили мәкан” МПЖда халық ушын бир қатар қолайлықлар жаратылды. Халықтың мүрәжатлери тийкарында ишки жоллар тәртипке келтирилип, қум-шағыл тас араласпасы төселди. Депутаттың жәрдеминде 19-санлы мектеп аймағын суўғарыў ушын артизан қудығы қазып берилди. Бос жатырған  тасланды ҳәм қараўсыз қалған 1 гектарға шамалас майданды көклемзарластырыў ҳәм терек нәллерин егиў ушын трактор жәрдеминде тегислеў жумыслары алып барылды. “Бессаға” аўылында 500 ге шамалас хожалықта жасаўшы пуқаралардың күн даўамында мәнзиллерине өз ўақтында жетип барыўында машқалалар бар екенлиги себепли, жаңа автобус қатнаўы жолға қойылды. Автобус қатнаўларының жолға қойылыўы аўыл халқы, әсиресе, 4-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшылары ушын үлкен қолайлық жаратты.

-Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында халқымыздың турмыс шараятын жақсылаў,  инсан мәпин барлық нәрседен үстин қойып, кәмбағаллықтан абаданлыққа ерисиў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў  ҳәм қоршаған орталықты қорғаў ушын көклемзарластырыў жумыслары алып барылып атырған бир пайытта халқымыз биз депутатлардан үлкен жуўапкершилик ҳәм депутатлық миннетлемени күтери анық.  Бул миннетлеме мени бәрқулла халқымыздың турмыс жағдайын жақсылаўға деген ўазыйпаларды әмелге асырыўға басламақта. Халқымызда “Саўаплы исти ҳәр ким, ҳәр қашан ислеў керек” деген даналық сөз бар. Қайырлы ислер ислеў, мүтәжлерге жәрдем қолын созыў – инсанның ең жоқары пазыйлетлеринен бири болып есапланады. Солай екен, биз ҳәр биримиз имканиятымызға қарай  әтираптағыларға  жәрдем бериўге ҳәрекет етиўимиз керек, – дейди депутат Алишер Джуманазаров.

Халық ўәкили мине усындай қайырқомлыққа және бир мәрте қол урды. Оның басламасы менен Нөкис районы “Саманбай” АПЖ аймағындағы 534 хожалықтың үй алды қыйтақ жерлерине енди суў өз ўақтында ҳеш қандай қыйыншылықларсыз жетип бармақта.

Депутаттың усы мәҳәлледеги сайлаўшылар менен өткерген ушырасыўында “Қаттағар” аўылының турғынлары үй алды қыйтақ жерлерин суўғарыў ушын аўыл аймағынан өтетуғын “Қаттағар” каналына орнатылған ески суў насосы тез-тез бузылып, истен шығыўы нәтийжесинде шаңарақлардың үй алды қыйтақ жерлерине суў өз ўақтында жетип барыўында машқалалар пайда болып атырғанлығы себепли, халық ўәкилинен каналға жаңа суў насосын қурып бериўге әмелий жәрдем сораған еди.

Мүрәжат көрип шығылып, көп күттирмей унамлы шешилди. Депутат, Алишер Джуманазаров өз қәўендерлиги есабынан, ески суў насосының орнына аз электр энергиясын жумсайтуғын, суў шығарыў қуўатлылығы жоқары, диаметри 350 мм болған заманагөй суў насосын қосымша барлық үскенелери менен бирге орнатып берди.

Усы мүнәсибет пенен, мәҳәлле халқы ҳәм нураныйлар депутатқа өз миннетдаршылығын билдирген ҳалда Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының келешектеги жумысына ҳәм қайырқомлық жумысларына табыслар тиледи.

– ӨзЛиДеПтен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайланған депутат А.Джуманазаровтың мәҳәлле халқына көрсеткен бийғәрез жәрдеминен шексиз қуўанышлымыз. Депутаттың  тиккелей басшылығы менен, аўылымызға заманагөй суў насосын қурып берди. Оған аўыл халқы атынан миннетдаршылық билдиремиз.  Инсан қәдири улығланып атырған елде жасап атырғанымыздан мақтанамыз,-дейди Саманбай АПЖ баслығы Нийетбай Умаров.

Қарақалпақстан хабар агентлиги