Малайзия ҳәм Индонезиядан «Умра плюс» бағдарламасы арқалы 100 мың зыяратшыны тартыў бойынша жумыслар басланған

329

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында болып атырған видеоселектор мәжилиси даўамында атап өтилди.

Өткен жылы Монглоия менен туризм бойынша үлкен келисимге ерисилгени есабынан туристлер 100-200 ден 4 мыңға асты.

Қолтық мәмлекетлеринде турақлы саяхат ететуғын 3 миллион халық бар. Бирақ олардың көбиси Әзербайжан, Грузия, Албания, Хорватия сыяқлы визасыз режим болған мәмлекетлерге бармақта.

– Дурыс, бул мәмлекетлерге 10 күнлик визасыз режим енгизилген. Бирақ, бул мүддет 30 күнге создырылса, туристлер 5-6 есеге көбейеди. Буннан тысқары, Ҳиндстан, Пакистан, Египет ҳәм Иранлы туристлерге виза бериўди жеңиллестириў мүмкин,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Россия ҳәм Қытайдың аймақлары менен мәнзилли ислесиў жолға қойылғаны ушын инвестиция ҳәм туристлер ағымы кескин артты. Енди бул тәжирийбени кеңейтип, Япония, Корея ҳәм Европа мәмлекетлери менен де шөлкемлестириў тапсырылды.

Миллий туризмниң бирден-бир платформасын иске қосыўды тезлестириў, онда билет алыў ҳәм электрон виза бериў имканиятларын жаратыў ўазыйпасы қойылды.

Малайзия ҳәм Индонезиядан «Умра плюс» бағдарламасы арқалы 100 мың зыяратшыны тартыў бойынша жумыслар басланған. Жуўапкерлерге Куала-Лумпур ҳәм Жакартадан Самарқанд, Бухара арқалы Жидда қаласына рейс қойыў бойынша сөйлесиўлерди жеделлестириў тапсырылды.

ӨзА