Жаңа платформа имканиятлары ҳәм абзаллықлары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 24-майдағы «Санлы хызметлерге қамтыўды ҳәм сапасын арттырыў және тараў, тармақ ҳәм аймақларды санлы транформациялаў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында балаларды саўалландырыў орынларына жолламаларды ашық ҳәм қолайлы түрде онлайн сатыў ҳәм бул процессте коррупциялық факторларды сапластырыў мақсетинде, «Oromgohlar.uz» электрон платформасы ислеп шығылды ҳәм өткен жылы сынақ түринде иске түсирилип, арттырылған тәжирийбе тийкарында және де жетилистирилди.
Усыған тийкарланып, быйылғы жылы дем алыў орайларына жолламаларды толығы менен онлайн арқалы әмелге асырыў режелестирилген.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесинде болып өткен семинар-тренингте әне, усы мәселелер ҳәр тәреплеме додаланып, қәнигелер тәрепинен қатнасыўшыларға кең түрде түсиниклер берилди. Семинарда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси баслығының орынбасары М. Данияров, Департаменттиң аймақлық басқарма баслығы С. Өтеўлиев, тармақтың жуўапкер шөлкемлери басшылары, комитет, кеңес баслықлары ҳәм есапшылары, “Өзнефтегаз”, “Ҳудудий электр тармоқлари”, Мәҳәллеллер ассосациясы ҳәм мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигинен тийисли ўәкиллер қатнасты.
Семинар-тренингте балаларды саўалландырыў орайларының жолламаларын электрон платформаға жайластырыў, оны сатып алыўды физикалық ҳәм юридикалық тәреплер арқалы онлайн әмелге асырыў, есабат ҳәм статистикалық мағлыўматларды электрон базадан алыў қағыйдалары түсиндирилди.
Сондай-ақ, илажда Балалардың дем алысын ҳәм саўалландырыўын шөлкемлестириў департаменти директорының қаржы-экономикалық мәселелер бойынша орынбасары О. Мирзамаҳмудов , департаментнинг маркетинг ҳәм саўда бөлими баслығы Э. Муродова, бөлимниң бас қәнигеси С. Бековалар да шығып сөйлеп, балалардың жазғы дем алысын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Семинар жуўмағында, қатнасыўшылар тәрепинен платформаның имканиятлары бойынша унамлы пикирлер билдирилди ҳәм бүгинги күни санлы технологиялар тийкарында балалардың дем алысы тараўындағы жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў ушын “Oromgohlar.uz” платформасы әҳмийетли қурал екенлиги атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги