Ушырасыў жасларды руўхландырды

186

Бүгинги күнде мәмлекетимизде жаслар мәселесине үлкен итибар қаратылмақта. Себеби, жаслар келешегимиздиң тийкары, ертеңги күнимиздиң қурыўшылары.

Төрткүл районы ҳәкими Р.Шамуратовтың басшылығында «Ҳәким ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти. Онда ҳәким райондағы талапшаң, ақыллы жаслардың саны күннен-күнге артып атырғанын мақтаныш пенен атап өтти.

«Жас китапқумар» таңлаўының республикалық басқышында 1-орынды ийелеген «Келтеминар» аўылындағы 10-санлы мектепти тамамлаған ҳәм ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Мәмлекетлик жәҳән тиллери университетиниң 2-басқыш студенти Холдурдиева Огилжерен Абажон қызы Президент саўғасы “BYD Chazor” электромобили менен сыйлықланған еди.

Ушырасыўда О.Холдурдиева ҳәм оның әкеси А.Союнов пенен бир қатарда жеңимпаздың устазлары шығып сөйледи. Олар жасларға жаратылған усындай имканиятлар ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди ҳәм жасларды китап оқыўға шақырды.

Сондай-ақ, өткерилген илаж даўамында мәмлекетимиздеги қәбилетли жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилген “Улығбек” қоры, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Жаслар ислери агентлиги тәрепинен шөлкемлестирилген интеллектуаллық беллесиўдиң “Мырза Улығбек мийрасхорлары” таңлаўының районлық басқышы жеңимпазлары да сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги