Ҳуқық ҳәм еркинлигимиздиң тийкарғы кепили

Республикамыздың ең арқа-шығыс аймағы есапланған Тахтакөпир районында да 9-апрель-Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллық сәнеси салтанатлы түрде болып өтти.
Район орайындағы мәденият сарайында өткерилген байрам салтанатына депутатлар, район басшылары, аймақта жайласқан мәкеме-кәрхана, шөлкем баслықлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Илажда район ҳәкими Жамбул Адилов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын байрам менен қызғын қутлықлады ҳәм халқымыздың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, турмыс абаданлығын арттырыўда Конституцияның тутқан орны ҳәм атқаратуғын хызмети туўралы кең түрде айтып берди.


Байрам салтанатында көркем өнер тараўы хызметкерлери сәнеге бағышлап таярлаған концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги