Президентимиз заманагөй туризм маршрутларын шөлкемлестириў бойынша ўазыйпаларды белгилеп берди.

256

Туризм комитети ҳәкимликлер менен биргеликте 36 район ҳәм қаланы этно, гастрономиялық, медициналық, экстремал, мәдений-тарийхый, зыярат, қысқы ҳәм агротуризм тийкарында раўажландырыў бойынша үлкен бағдарлама тастыйықлайды.

Мәселен, Сариосиё районы аймағының тийкарғы бөлеги таўлардан ибарат болып, қысқы туризм ушын үлкен потенциал бар. Бул жерде дар жолы, мийманхана ҳәм саўда-сервис хызметлери тараўында 200 миллион долларлық жойбарлар ислесе болады.

Және бир мысал, Чартақ өзиниң шыпалы суўлары менен белгили болса да, район ҳәкими жаңа жойбар ислеў былай турсын, бар санаторияларға да сырт елли турист алып келе алмай атыр. Яки Мойнақта ҳәр жылы өтетуғын «Стихия» музыкалық фестивалына келген туристлерди көбирек алып қалыў ушын жаңа басламалар керек.

Экономика ҳәм қаржы министрлигине 36 район ҳәм қала бойынша мастер режелер ислеп шығыўды тезлетип, жойбарларды өз ўақтында қаржыландырыў тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги