Өзбекстан ҳәм Беларусь: өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў ушын үлкен имканият бар

172

Олий Мажлис Сенатына Беларусь Республикасы Миллий Мәжилиси Республика Кеңесиниң  Халықаралық ислер ҳәм миллий қәўипсизлик  бойынша турақлы комиссия баслығы Сергей Алейник келди.

Сенаттың  Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық қатнасықлар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң баслығы Алишер Аъзамхўжаев пенен ушырасыўда Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетте  әмелге асырылып атырған сиясий ҳәм социаллық-экономикалық реформалар, сондай-ақ,  Өзбекстан ҳәм Беларусь арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм жеделлестириў мәселелерине итибар қаратылды.

Беларусь Республикасы Миллий Мәжилиси Республикасы Кеңеси баслығы Н.Кочанова басшылығындағы делегацияның Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясынында қатнасқаны усы илаждың жумысына әҳмийетли үлес болғаны атап өтилди.

С.Алейник Өзбекстан ҳәм Беларусь өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў ушын үлкен имканиятқа ийе екенин атап өтти. Әсиресе, өндирис, аўыл хожалығы ҳәм жоқары технологиялар тараўларында бирге ислесиў нәтийжели даўам етпекте.

Мәмлекетлер  арасында экономикалық ҳәм сиясий қатнасықларды тереңлестириў бойынша үлкен жумыс алып барған Өзбекстан –Беларусь Ҳүкиметлераралық комиссиясының жумысына  айрықша итибар қаратылды.

Беларусь тәрепиниң ўәкили өзбек тәрепинен парламент жоқары палаталары арасындағы  бирге ислесиў комиссиясының қурамы бойынша мағлыўмат алғанын тастыйықлады ҳәм жақын ўақыт ишинде Беларусь тәрепинен де комиссия қурамын усыныс  етиўди, соң биргеликтеги мәжилисти өткериўге таяр екенин билдирди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер еки тәреплеме бирге ислесиўди және де тереңлестириў, сондай-ақ, түрли тараўлардағы анық мәселелерди шешиўде Парламентлераралық комиссияның жумысын жеделлестириўден мәпдар екенин билдирди.

Н.Абдураимова, ӨзА