Президенттиң басшылығында видеоселектор мәжилиси басланды

Мәмлекетимиз басшысы дүнья экономикасында ҳәзир айрықша жағдай бақланып атырғанын, үш-төрт күн ишинде халықаралық қаржы базарларында 10 триллион доллар шығынға ушырағанын көрсетип өтти.
«Бул тербелислер бизге тәсир етпейди, деп ойлағанлар алжасады. Бул қаржылардың бир бөлеги бизге инвестиция, кредит, евробонд арқалы кирип келиўи мүмкин еди ғо!»,-деди Президент.
Бул шараятта барлық ҳәкимлер, экономикалық комплекс аймақлар раўажланыўын күнлик таллаўы, өндирис көлемлери, жумыс орынлары ҳәм экспортты сақлап қалыў мәселелери менен системалы шуғылланыўы керек екенлиги атап өтилди.
Экономикалық комплекс жуўапкерлерине ҳәр ҳәптеде тармақпа-тармақ машқалаларды таллаў ҳәм жаңа усыныслар киргизиў, район ҳәм ўәлаят ҳәкимлерине өз аймағында исбилерменлер мәселелерине шешим таўып барыў тапсырылды.
ӨзА