Қытайлылар Өзбекстанда және еки «жасыл» электр станциясын қурады

Қытайдың қатнасыўында Өзбекстанның еки аймағында самал ҳәм қуяш электр станцияларын қурыў режелестирилген. Бул ҳаққында Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги баспасөз хызмети хабар берди.
Биринши Самарқанд халықаралық климат форумы шеңберинде министрлик ҳәм Қытай компаниялары арасында «жасыл» экономиканы раўажландырыўға қаратылған инвестициялық келисимге қол қойылды.
Атап айтқанда, «SANY Renewables International Investment» компаниясы менен Қарақалпақстанда самал электр станциясын қурыўға келисилди. Оның қуўатлылығы 1000 МВтты қурайды.
Екинши жойбарда «Liquip International» компаниясы менен Жиззақ ўәлаятының Фориш районында 500 МВт қуўатлылыққа ийе қуяш электр станциясын қурыўды режелестирилген.
2030-жылға шекем мәмлекетте 19 мың МВт «жасыл» қуўатлықларды қурыў арқалы қайта тиклениўши энергия үлесин 54 процентке жеткериў режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги