Өзбекстан сырт ел туристлериниң ағымы бойынша Орайлық Азияда жетекши

Қазақстанның «ranking.kz» сайты Орайлық Азияға туристлер ағымының өсиўи талланған мақала жәриялады. 2023-2024-жыллар көрсеткиши салыстырылғанда Өзбекстан регионда жетекшиликти қолға киргизип, туристлер ағымы ең тез өсиў пәтин сақлап қалған.
– 2024-жыл Өзбекстанға барған сырт ел туристлери саны 20,1 процентке артып, 8 миллион адамға жетти,-деп жазады автор. – Сондай-ақ, регионның басқа еллеринде де туризм раўажланыўы бақланған.
– Миллий статистика уйымларының мағлыўматына бола, 2024-жылы Қазақстан, Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстанға резидент емес келгенлердиң улыўма саны 28,6 миллионды қураған. Бул бағдардағы өсиў 2023-жылға қарағанда 11 процентти қурады.
Өзбекстан туризминиң раўажланыўы, туристлер ағымының унамлы өсиў пәти туристлерге көрсетилип атырған хызмет түри ҳәм сапасы көтерилгени менен байланыслы екенлиги атап өтилген. Өзбекстан Республикасы Миллий статистика комитетиниң мағлыўматына бола, өткен жылы январь-декабрь айларында усы тараўда финанслық көрсеткиш 10.6, 2023-жыл 13.5, 2022-жыл 22.3 процентке артқан.
С.Раҳимов,
ӨзА