150-Ассамблея Парламентаризмди раўажландырыўдың халықаралық тән алыныўы болып табылады

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов Вьетнам Социалистлик Республикасы Миллий ассамблеясының Баслығы Чан Тхан Ман басшылығындағы делегация менен ушырасты.
Сөйлесиў басында кейинги жылларда сиясий, экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўларда Өзбекстан – Вьетнам бирге ислесиўи избе-из раўажланып атырғаны айрықша атап өтилди.
Сәўбетлесиў барысында мийманларға Нызамшылық палатасының структуралық дүзилиси, оның нызам дөретиўшилиги бағдарындағы жумысы, палатаның комитетлери, комиссияларының тийкарғы ўазыйпалары ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Өз гезегинде, Чан Тхан Ман Өзбекстанның дүнья жәмийетшилиги менен нәтийжели ҳәм ашық-айдын сыртқы сиясатын жоқары баҳалап, еки тәреплеме байланысларды раўажландырыўда әҳмийетли фактор болған парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеў ҳәр тәреплеме пайдалы екенин атап өтти.
Сондай-ақ, усы күнлерде Ташкент қаласында болып өтип атырған Парламентлераралық Аўқамның 150-Ассамблеясы тек ғана мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий, тарийхый ўақыясы болып қоймастан, Жаңа Өзбекстандағы артқа қайтпас реформалар, әсиресе, парламентаризмди раўажландырыў бағдарындағы нәтийжелердиң халықаралық тән алыныўы екенин атап өтти.

– Өзбекстан Вьетнам ушын оғада әҳмийетли мәмлекет. Еки мәмлекет арасындағы жоқары дәрежедеги турақлы сөйлесиўлер келешектеги кең көлемли бирге ислесиў байланысларына тийкар болмақта. Ташкентте болып өтип атырған абырайлы халықаралық илажға үлкен делегация менен келгенимиз Өзбекстанға болған жоқары итибарымыздың көриниси болып табылады, – деди Чан Тхан Ман.
Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Вьетнам арасындағы қатнасықлар, соның ишинде, парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыўдың перспективалары додаланды. Бул бағлдардағы сөйлесиўлерди кеңейтиў, халық дипломатиясы имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы