Адамгершилик пазыйлетлердиң айқын көриниси

193

Республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы, 9-апрель-Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы күни Шымбай районында да салтанатлы жағдайда белгиленип өтилди.

Илажға депутатлар, район басшылары, аймақ белсендилери, жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.


Өткерилген илажда Шымбай районы ҳәкиминиң орынбасары Рахат Жумамуратов аймақ халқын Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 32 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлап, Конституцияның халқымыз турмысында тутқан орны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде айтып өтти.

-Республикамыз Конституциясының 62-статьясында «Ата-аналар перзентлерин ержеткенге шекем сақлаўға ҳәм тәрбиялаўға миннетли. Мәмлекет ҳәм жәмийет жетим балалардың ҳәм ата-аналардың қәўендерлигинен айырылған балаларды сақлаў, тәрбиялаў ҳәм олардың билим алыўын тәмийинлейди, балаларға арналған қайырқомлық ислерин хошаметлейди,-деп көрсетилген дейди районлық Кеңес депутаты Жанар Алиева.-Бул әлбетте, бас нызамымыздың халықаралық нызамшылық нормаларына толық сәйкес келетуғынлығын аңлатады. Пурсаттан пайдаланып, барлық халқымызды бүгинги қутлы сәне менен қызғын қутлықлайман.

Байрам илажы районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен кеўилли даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы