Қарақалпақстан Республикасында «Арал туризми» ҳәптелиги болып өтеди

17-19-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласы ҳәм Мойнақ районында «Арал туризми» ҳәптелиги өткериледи.
Қарақалпақстан Республикасында «Арал туризми» ҳәптелиги болып өтеди.
Ҳәптелик шеңберинде регионның туризм потенциалын үгит-нәсиятлаў, экология ҳәм мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў, сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған «Аралбойы жақсы нийет елшилери» халықаралық илимий-әмелий конференциясы болып өтеди.
Сондай-ақ, мийманлар «10 мың қәдем» жәмийетшилик жойбары, «Терек егиў» акциясы ҳәм Бадминтон спорт жарысында қатнасыўы мүмкин болады.
Буннан тысқары, илаж қатнасыўшыларын «Арал балықларынан 99 түрдеги тағамлар» гастрономиялық фестивалы ҳәм И.В.Савицкий атындағы музейине ҳәм тарийхый естеликлерге умытылмас саяхат күтпекте.
Ҳәммеңизди «Арал туризми» ҳәптелигинде белсене қатнасыўға шақырамыз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги