Өзбекстан чемпионаты жуўмақланды

187

2-8-апрель күнлери Нөкис қаласында спорттың баскетбол түринен Өзбекстан чемпионаты болып болып өтти.

Чемпионатқа мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан ең күшли командалар қатнасып, өз-ара күш сынасты.

Онда ул балалар арасында  биринши орынды Наманган ўәлаяты командасы ийелеўге миясар болды. Финалда өз қарсыласларына жеңилип қалған, республикамыз жаслары екинши, қоңсылас Хорезм ўәлаяты командасы сыйлы үшинши орынға ийе болды.

Ал, қызлар арасында болса, жеңимпазлық Ферғана ўәлаяты командасына несип етти.

Екинши орынды Жиззақ ўәлаяты, үшинши орынды Қарақалпақстан Республикасы командалары ийеледи.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом медаль ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов, 

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы