Германияда үш тәреплеме миграция меморандумына қол қойылды

189

 

Бул ҳаққында Миграция агентлиги хабар бермекте. Берлинде Өзбекстан пуқараларын Германияда жумыс пенен тәмийинлеўге байланыслы үш тәреплеме меморандумға қол қойылды. Ҳүжжет «Mikrokreditbank»,  «International People IP GmbH» ҳәм «German Sparkassenstiftung for International Cooperation» арасында дүзилди.

Меморандумға бола, өзбекстанлы қәнигелер гастрономия, логистика ҳәм азық-аўқат санааты тараўларында ислесиў ушын Германияда дуал билимлендириў тийкарында оқытылады. Олар тил курслары, виза рәсмийлестирилиўи ҳәм жатақ жай менен тәмийинленеди.

Ташкентте немис тили оқыў орайы ҳәм дуал билимлендириў орайы жумысы басланды. Бул бирге ислесиў Өзбекстан ҳәм Германия арасындағы миграция келисимин әмелиятқа енгизиўге хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги