Арал мәденияты саммити регион ҳаққындағы тәсирлерди байытты

Мәмлекетимиз басшысының қарарына бола, Аралбойы регионында қолайлы тәбийғый орталық жаратыў, аймақтың бийбаҳа мәденияты ҳәм тарийхый мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм кеңнен ен жайдырыў, усы бағдарларда илимий-изертлеў жумыслары, инновациялық жойбарлар ҳәм дөретиўшилик басламаларды әмелге асырыў ушын халықаралық бирге ислесиў ҳәм қарым-қатнасты және де кеңейтиў мақсетинде усы жылдан баслап ҳәр он сегиз айда – бәҳәр ямаса гүз мәўсимлеринде Арал мәденият саммитин өткериў белгиленди.
Бул баслама Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң 2023-жыл 22-24-март күнлери Нью-Йорк қаласында болып өткен суў ресурсларына бағышланған конференциясында мәмлекетимиз тәрепинен алға қойылған ҳәм қатнасыўшылар тәрепинен қоллап-қуўатланған еди.
– Бул жойбар Аралбойында ҳәм дүньяның басқа регионларында пайда болған экологиялық машқалаларды додалаў ҳәм ақылға уғрас шешимлерди усыныў ушын өзине тән глобал платформа болады,-дейди Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери комитетиниң ағзасы Бекмырза Эшмирзаев. – Бул арқалы Аралбойы машқалаларын шешиўде илимлер аралық қатнасты раўажландырыў, турақлы шешимлер ҳәм стратегиялар жаратыўға қаратылған билимлендириў бағдарламасы тийкарында Арал мектебин шөлкемлестириў, жетекши сырт ел ҳәм жергиликли қәнигелер ҳәм шөлкемлер менен биргеликте Аралбойы регионында суў ҳәм топырақ изертлеўлерин алып барыў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, Аралбойы аймағының топырақ ҳәм климат шараятына сәйкес болған аўыл хожалығы егинлерин үйрениўге қәнигелескен лаборатория платформасын жаратыў ҳәм оны усы бағдарда әмелге асырылатуғын илимий изертлеўлердиң оқыў-әмелият майданына айландырыў, регионда әсирлер даўамында қәлиплескен бийбаҳа мәденият ҳәм дәстүрлерди сақлаў, қорғаў ҳәм кеңнен ен жайдырыў, халықаралық көлемде турақлы сөйлесиўлер, семинарлар шөлкемлестириў белгиленген. Улыўма, Арал мәдениятын үгит-нәсиятлаў менен дүнья халқының нәзери усы аймаққа, бул жердеги экологиялық машқалаларға қаратылады.
Биринши Арал мәденият саммити 4-5-апрель күнлери Самарқандта жоқары дәрежеде өткерилген климат форумына үнлес ҳалда Самарқанд ҳәм Нөкис қалаларында шөлкемлестирилди.
Соның ишинде, Самарқандтағы Арал мәденият саммити экспозициясында Арал экосистемасын тиклеў, аймақтың мәдений мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм турақлы раўажланыўына жәрдемлесиўге қаратылған бийбаҳа басламалар көрсетилди. Бул жерде визуал, сенсор ҳәм интерактив қураллар арқалы Аралбойының тәбийғый ҳәм мәдений байлығы менен танысыў имканияты жаратылды.
Көргизбеден архитектура ҳәм ландшафт фотографиясына қәнигелескен белгили фотосүўретши Иван Баанның шығармалары, Қарақалпақстан ушын тән өсимлик болып есапланған қамыстан таярланған фолористик композиция, сондай-ақ, Аралбойының дәстүрий өнимлери – сексеўил туқымы, бақаншақлар, тәбийғый дуз, кептирилген әдираспан, нағыслы кийиз ҳәм басқа да көплеген экспонатлар орын алды.

Климат форумының қатнасыўшылары, атап айтқанда, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Европа аўқамының басшылары да усы көргизбени көзден өткерди. Еки күн даўамында халықаралық ҳәм жергиликли экспертлер, эколог илимпазлар, тараў қәнигелери ҳәр бир экспонат бойынша баҳалы мағлыўматларға ийе болыў менен бирге Арал ҳәм усы регионның өтмиши, ҳәзирги күни менен де жақыннан танысты.
Ғолиб ҲАСАНОВ,
ӨзАның хабаршысы