Өзбекстан Қырғызстан пайтахтында саўда үйин ашыўды режелестирилмекте
223

Өзбекстан Қырғызстан пайтахтында саўда үйин ашыў ҳәм Бишкек- Ташкент логистика коридоры жойбарын ислеп шығыўды режелестирилмекте. Бул ҳаққында Қырғызстан Экономика ҳәм саўда министрлиги мәлим етти.
Қырғызстан Экономика министрлиги басшысы Бахит Сдиқов ҳәм Өзбекстан инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Акрам Алиев арасындағы ушырасыў болып өтип, онда еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў мәселелери додаланды.
Ушырасыўда мәмлекетлердиң өз-ара товар алмасыў көлемин 2 миллиард АҚШ долларына жеткериў режеси додаланды. Сондай-ақ, Қырғызстан тәрепи де Ташкентте саўда үйин ашыў мақсетин мәлим еткен.
2024-жылы еки мәмлекет арасындағы саўда көлеми 846 миллион долларды қурағанын атап өтиў зәрүр.
Қарақалпақстан хабар агентлиги