Парламентлераралық Аўқамның юбилей ассамблеясы  жоқары дәрежеде өткерилмекте

183

Усы күнлерде пүткил дүньяның нәзери Өзбекстанға қаратылған. 2025-жыл 5-апрель күни пайтахтымыз Ташкент қаласында Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы өз жумысын баслады.

Онда усы  шөлкемге ағза мәмлекетлердиң парламентлери, парламентлераралық шөлкемнен 2 мыңнан аслам делегат, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери  қатнаспақта.

Парламентлер менен байланыслы бундай кең көлемли абырайлы әнжуман тек Өзбекстан емес, ал Орайлық Азия тарийхында биринши мәрте регионымызда өткерилип атырғанын атап өтиў зәрүр.

Илаждың ашылыўында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева мәмлекетимиз Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен шөлкемлестирилген бул абырайлы әнжуман дүнья жәмийетшилиги тәрепинен Өзбекстанның дүнья сиясаты орайларынан бири сыпатында тән алып атырғанын да тастыйықлайтуғынын атап өтти.

“Социаллық раўажланыў ҳәм әдиллик ушын парламент ҳәрекети” темасына бағышланған илажда кәмбағаллықты сапластырыў, мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў, социаллық инклюзивликти қоллап-қуўатлаў ҳәм қарар қабыл етиў процесинде кемситилген топарлардың қатнасыўын арттырыў  сыяқлы мәселелер додалаў орайында болмақта.

Ассамблея жумысында қатнасып атырған Парламентлераралық Аўқам Президенти  Тулия Эксон абырайлы әнжуманды өткерип атырған Өзбекстан басшылығына, Сенатына терең миннетдаршылық билдирди.

  • Бизиң бул жерге сапарымыз, әлбетте, Өзбекстанға болған жоқары ҳүрметимиз ҳәм бул жерде алып барылып атырған процесслерге үлкен итибар қаратып атырғанымызды көрсетеди, – деди Т.Эксон. – Соның менен  бирге, Өзбекстан Парламентлераралық Аўқам принциплерин – дипломатия, демократия ҳәм басқа тараўларда жедел қоллап-қуўатлап атырған мәмлекетлерден бири болып есапланады. Кейинги жылларда  Өзбекстанда әмелге асырылған реформаларды  тән аламыз  ҳәм мәмлекеттиң қалай раўажланып атырғанын көрип турыппыз. Өзбекстан Президентиниң төменги ҳәм жоқары палаталарда ҳаял-қызлардың санын  көбейтиў жолында көрсеткен ҳәрекетлерин атап өтпекшимен. Улыўма есапта, Өзбекстан парламентинде ҳаял-қызлардың саны 38 процентке жетти. Бул болса ҳәзирде дүньядағы орташа көрсеткиш  (26 процент)тен бир талай жоқары. Бул көрсеткиш Өзбекстанның бул бағдарда үлкен  жетискенликлерге ерискенин  билдиреди.

Парламентлераралық Аўқамның Бас хаткери Мартин Чунгонг Ташкент – парламент дипломатиясының пайтахтына айланғанын атап өтти. Бул   мәжилис глобал жәмийетшилик дүс келип атырған машқалалар, келиспеўшиликлерди сөйлесиў арқалы шешиў мүмкин екенлигин  көрсететуғын үлгиге айланыўына исеним билдирди.

Ассамблеяның  биринши жумыс күнинде ушырасыўлар, нәтийжели сөйлесиўлер шөлкемлестирилди. Күн даўамында Ҳаял-қыз парламентарийлер бюросы мәжилиси, Парламент ҳаял-қыз ағзалары форумының 39-сессиясы болып өтти. Ассамблеяның салтанатлы ашылыў мәресими де өткерилди.

Халықаралық илаждың  екинши жумыс күнинде Ассамблеяның басқарыў комитети, Басқарыў кеңеси, Денсаўлықты сақлаў бойынша мәсләҳәт топарының мәжилислери өткерилди. Тынышлық ҳәм халықаралық қәўипсизлик  мәселелери бойынша турақлы комитет, Турақлы раўажланыў бойынша комитетлерде резолюция жойбары додаланды. Жас парламентарийлер форумы кеңеси, Парламентлердиң бас хаткерлери ассоциаицясы мәжилиси шөлкемлестирилди.

“Парламенттиң социаллық раўажланыў ҳәм әдиллик жолындағы ҳәрекетлери” темасындағы улыўма сөйлесиўлери басланды. Ассамблеяның екинши жумыс күнинде Басқарыў кеңеси мәжилиси болып өтти. Оған Парламентлераралық Аўқамның Президенти Тулия Эксон басшылық етти.

150-юбилей Ассамблея Президенти лаўазымына Олий Мажлис Сенаты Баслығы  кандидатурасы алға қойылды ҳәм  кеңес ағзалары бир аўыздан Танзила  Норбоеваны Ассамблея Президенти етип сайлады.

Ассамблеяның  үшинши жумыс күнинде улыўма дебатлар даўам еттирилди. Ассамблея жумысында әҳмийетли ўақыя – илажға Өзбекстан Республикасы  Президенти Шавкат Мирзиёев келди ҳәм шығып сөйледи.

БМШ жумыслары бойынша турақлы  комитет бюросы сессиясы өткерилди. Тынышлық ҳәм халықаралық қәўипсизлик мәселелери бойынша турақлы  комитет резолюция жойбарын ислеп шықты.

Илим ҳәм технологиялар мәселелери бойынша жумысшы топар, Демократия ҳәм инсан ҳуқықлары мәселелери бойынша турақлы комитет, Парламент  ағзаларының Инсан ҳуқықлары бойынша комитетиниң сессиялары  өткерилди.

Парламентлердиң бас хаткерлери аасоциациясының мәжилиси шөлкемлестирилди. Украинадағы урысты тыныш жол менен шешиў бойынша жумысшы топар сессиясы өткерилди.

Ассамблея өз жумысын 2025-жыл 9-апрельге шекем даўам еттиреди. Илаж жуўмағында дүнья парламент ҳәрекетиниң орта ҳәм узақ мүддетли  перспективадағы тийкарғы бағдарларын белгилеп беретуғын ҳүжжет қабыл етиў режелестирилген.

Сондай-ақ, Парламентлераралық Аўқамның резолюциялары қабыл етиледи.

Норгул АБДУРАИМОВА, ӨзАның хабаршысы