Ассамблея шеңберинде БАӘ, Монголия ҳәм Бельгия парламентлери палаталарының басшылары менен ушырасыў өткерилди

180

Өзбекстан пайтахтында Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясы болып өтпекте. Ассамблея шеңберинде Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева Бирлескен Араб Әмирликлери Федерал Миллий кеңесиниң Қорғаныў, ишки ҳәм сыртқы ислер комитетиниң баслығы Әли Рашид Нуамий менен ушырасыў өткерди.

Өзбекстан ҳәм БАӘ арасындағы парламентлераралық бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелери, сондай-ақ, түрли тараўларда еки тәреплеме  қатнасықларды тереңлестириў перспективалары көрип шығылды.

Тәреплер жақында әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапарлардың жуўмақларын, соның ишинде, 2025-жыл январь айында қол қойылған Стратегиялық шериклик ҳаққындағы келисимди ҳәм ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша келешектеги қәдемлерди додалады.

Сол көзқарастан еки мәмлекет арасында қол қойылған «жол карталары» ҳәм Меморандум шеңбериндеги келисим ҳәм жойбарлардың орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды күшейтиў усыныс етилди. Сондай-ақ, системалы ҳәм турақлы  еки мәмлекеттиң бирге ислесиўи ушын тийкар болатуғын тийисли  комитетлер ҳәм «дослық топарлары» жумысын күшейтиў  де нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ,  Монголия Уллы Мәмлекет  Ҳурали Баслығының орынбасары Хурэлбаатор Булгантуя менен болып өткен сөйлесиў ўақтында парламентлераралық дослық топарының жумысын жеделлестириў ҳәм 2025-2026-жылларға мөлшерленген парламентлераралық бирге ислесиў бойынша «жол карта»сын ислеп шығыў арқалы Өзбекстан ҳәм Монголия парламентлери арасындағы бирге ислесиўди  беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыўда келешектеги режелер, соның ишинде, парламентлер басшыларының өз-ара сапарларын шөлкемлестириў ҳәм халықаралық парламент форумларында қатнасыў  мәселелери  додаланды. Бул еки мәмлекетке улыўма мәплерин жедел алға қойыў имканиятын береди.

Соның менен бирге, Бельгия Патшалығы Сенаты Баслығы Винсент Блондел менен сәўбетлесиў  ўақтында парламентлераралық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери ҳәм еки мәмлекет  арасындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў перспективалары додаланды.

Тәреплер перспективадағы режелер, соның ишинде, «Өзбекстан – Бельгия» дослық топары мәжилисин шөлкемлестириў мәселелерин додалады.

Ушырасыў жуўмағында еки тәреплеме  қатнасықларды раўажландырыўдың  әҳмийетли мәселелерине айрықша итибар қаратқан ҳалда парламентлераралық шөлкемлер  шеңберинде тығыз бирге ислесиўди даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги