Парламентаризмди раўажландырыў бағдарындағы бирге ислесиў мәселелери додаланды

230

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-апрель күни Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы шеңберинде бир қатар парламентлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң басшылары менен ушырасыў өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Россия делагациясына басшылық етип атырған Россия Федерациясы Федерал Мажлиси Федерация Кеңесиниң Баслығы  Валентина Матвиенконы қабыллады.

Ушырасыў басында мәмлекетимиз басшысы Валентина Матвиенконы туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар тиледи.

Федерация Кеңесиниң баслығы Өзбекстан жетекшисине шын жүректен миннетдаршылық билдирип, Россия Президенти Владимир Путинниң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Парламентлераралық байланыслар нәтийжели болып атырғаны жоқары баҳаланды.

Жоқары дәрежелерде ерисилген келисимлердиң орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаў бойынша жедел бирге ислесиўди даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Саўда-экономикалық шерикликтиң потенциалын тәмийинлеў, санаат кооперациясы жойбарлары ҳәм гуманитарлық алмасыў бағдарламаларын қоллап-қуўталаўға айрықша итибар қаратылды.

Әзербайжан Республикасы Миллий Мажлиси Баслығы Соҳиба Гафарова  ушырасыў алдында Өзбекстан жетекшисине Әзербайжан Президенти Илҳам Алиевтиң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан менен Әзербайжан арасындағы дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де кеңейтиў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Экономикалық бирге ислесиў жылы шеңберинде биргеликте нәтийжели жумыслар әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми артпақта, экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында кооперациялық жойбарлар жедел түрге енген. Мәдений-гуманитарлық илажлар турақлы өткерип келинбекте.

Ерисилген келисимлердиң орынланыўын қадағалаў ҳәм болажақ жоқары дәрежедеги саммитлер ушын жаңа усыныслар ислеп шығыў мақсетинде парламентлер арасында тығыз әмелий бирге ислесиўди ҳәм жедел алмасыўларды даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Беларусь Республикасы Миллий Мажлиси Республика Кеңесиниң Баслығы Наталья Кочанова менен ушырасыўда көп тәреплемели Өзбекстан-Беларусь  қатнасықларын және де кеңейтиў  мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыў алдында Беларусь делегациясы басшысы Өзбекстан жетекшисине Президент Александр Лукашенконың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Көп тәреплемели Өзбекстан-Беларусь қатнасықларын және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Товар алмасыў көлеми жедел артып атырғаны, санаат ҳәм аўыл хожалығында кооперациялық жойбарлар табыслы әмелге асырылып атырғаны, аймақлар арасындағы бирге ислесиўдиң нәтийжели болып атырғаны, мәденият, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларындағы алмасыўлар жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жедел парламентлераралық сөйлесиўди даўам еттириў, соның ишинде жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң парламентлик қадағалаўын тәмийинлеў ҳәм өз ўақтында орынланыўына жәрдемлесиў әҳмийетли екени атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-апрель күни Парламентлераралық аўқамның 150-Ассамблеясына қатнасыў ушын елимизге келген Орайлық Азия мәмлекетлери парламентлери делегацияларының басшыларын қабыллады.

Биргеликтеги ушырасыўда Қазақстан Республикасы Парламенти Мажлиси Баслығы Ерлан Кошанов, Қырғыз Республикасы Жогорку Кенеши Торағаси Нурланбек Турғунбек улы, Тәжикстан Республикасы Мажлиси Намояндагон Баслығы Файзали Идизода ҳәм Түркменстан мажлиси Баслығы Дунягузал Гулманова қатнасты.

Жоқары мәртебели мийманлар Өзбекстан Республикасы Президентине өз мәмлекетлери жетекшилериниң қызғын сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди, регионымызда биринши мәрте өткерилип атырған бул халықаралық илаждың әҳмийетин айрықша атап өтти.

Туўысқан мәмлекетлер арасындағы дослық, жақын қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў  ҳәм раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

4-апрель күни Самарқанд қаласында болып өткен «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммити ҳәм Климат форумының унамлы нәтийжелери жоқары баҳаланды.

Жоқары дәрежедеги жедел сөйлесиўлер айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жақында регионда өткерилген ушырасыўлар, соның ишинде, шегараларды делимитациялаў мәселелери толық тәртипке салынғаны ҳәм Хоженд қаласында Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан мәмлекетлик шегараларының тутас ноқаты ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылғаны тарийхый әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Кейинги жылларда регион мәмлекетлери арасында товар алмасыўдың көлеми көп есеге артты, шегара алды саўда зоналары шөлкемлестирилмекте.

Экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында, соның ишинде, мәмлекетлеримиз аймақларында кооперациялық жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта. Мәденият ҳәм билимлендириўде илажларға бай бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Ушырасыўда мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымызды және де жақынластырыў, биргеликтеги кооперациялық басламалар ҳәм жойбарларды алға қойыў, аймақлараралық байланыслар ҳәм гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиў мақсетинде парламентлераралық сөйлесиўди, соның ишинде, комитетлер дәрежесинде беккемлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Түркия Республикасы Уллы миллет мажлиси Баслығы Нуман Куртулмуш басшылығындағы делегация менен ушырасыў алдында Түркия парламентиниң баслығы мәмлекетимиз басшысына Президент Режеп Таййип Эрдоғанның сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан менен Түркия арасындағы дослық ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Еки тәреплеме бирге ислесиўде жоқары дәрежеге ерисилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара товар алмасыў ҳәм инвестиция көрсеткишлери өспекте, табыслы биргеликтеги жойбарлар ҳәм кәрханалар саны, тиккелей пәрўазлар көбеймекте. Еки мәмлекет ҳәм халықты жақынластырыўға қаратылған әҳмийетли мәдений илажлар өткерилмекте.

Парламентлераралық байланысларды және де раўажландырыўға, Өзбекстан – Түркия шериклигиниң жаңа күн тәртибин қәлиплестириў, аймақлараралық бирге ислесиўди жеделлестириўде, сондай-ақ, жоқары дәрежедеги келисимлердиң орынланыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлеўде дослық топарларының қатнасыўына айрықша итибар қаратылды.

Пакистан Ислам Республикасы Сенаты Баслығы Юсуп Ризо Ғилоний басшылығындағы делегация менен ушырасыўда Өзбекстан-Пакистан стратегиялық шериклик қатнасықлары избе-из раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Ушырасыўда жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Президент Асиф Али Зардарий ҳәм Бас министр Шаҳбоз Шарифтиң сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өз-ара саўда көлеми, биргеликтеги кәрханалар ҳәм тиккелей пәрўазлардың саны артпақта, еки мәмлекет жетекши компанияларының қатнасыўында бизнес форумлары ҳәм көргизбелер турақлы өткерилмекте.

Жақында Өзбекстанға әмелге асырылған жоқары дәрежедеги тарийхый сапар даўамында ерисилген келисимлердиң нәтийжели орынланыўын тәмийинлеўде парламентлердиң ролин күшейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Саўда-экономика, инвестиция ҳәм транспорт тараўларындағы әҳмийетли жойбар ҳәм бағдарламаларды жеделлестириў, соның ишинде, Трансаўған жол қурылысын алға қойыў, сондай-ақ, аймақлараралық бирге ислесиў ҳәм гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Ҳиндстан Республикасы парламентиниң төменги палатасы – Лок Сабҳа Спикери Ом Бирла басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Ушырасыў басында спикер мәмлектимиз басшысына Ҳиндистан Бас министри Нарендра Модидиң сәлемин ҳәм ең жыллы тилеклерин билдирди.

Өзбекстан-Ҳиндстан стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Көп тәреплемели бирге ислесиў избе-из раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Кейинги жылларда товар алмасыўда турақлы өсим бақланбақта, табыслы кооперациялық жойбарлар көбеймекте, авиақатнаўлар кеңеймекте.

Энергетика, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика, IT, аўыл хожалығы сыяқлы тараўларда жойбарлар әмелге асырылмақта.

Өзбекстанда Ҳиндстанның 4 университетиниң филиаллары жумыс алып бармақта.

Сөйлесиўде тығыз парламентлераралық алмасыўларды, тараўлық комитетлер дәрежесинде жедел байланысларды жолға қойыў, дослық топарлары ҳәм жаслар платформаларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, еки мәмлекет аймақларының потенциалын нәтийжели иске қосыў зәрүрлиги атап өтилди.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев араб мәмлекетлери  парламентлериниң басшыларын қабыллады.

Ушырасыўда Араб парламенти Баслығы Муҳаммад бин Аҳмад Ал- Ямаҳий, Баҳрайн парламенти Ўәкиллер кеңесиниң Спикери Аҳмад бин Салмон Ал-Мусаллам, Египет Ўәкиллер палатасының Спикери Ҳанафий Али Ал-Жабалий, Оман Шўро кеңеси Баслығы Ҳолид бин Ҳилол Ал-Маъавали, Қатар  Шўро кеңеси Баслығы Ҳасан бин Абдуллоҳ Ал-Ғаним ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери Федерал миллий кеңеси комитетиниң баслығы Али Рашид Ал-Нуаймий қатнасты.

Араб дүньясы  мәмлекетлери менен көп тәреплемели қатнасықларды, соның ишинде, парламентлераралық қатнасықлар арқалы және де раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыў алдында делегациялардың басшылары Өзбекстан жетекшисине өз мәмлекетлери жетекшилериниң қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин  жеткерди.

Кейинги жылларда  Өзбекстан ҳәм араб мәмлекетлериниң кең көлемли шериклиги жедел раўажланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жоқары дәрежедеги тарийхый сапарлар әмелге асырылды, өз-ара сөйлесиў ҳәм алмасыўлар жедел даўам еттирилмекте.

Бирлескен Араб Әмирликлери ҳәм Қатар Мәмлекети менен қатнасықлар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди. Саудия Арабстаны ҳәм Египет пенен кең көлемли  бирге ислесиў жолға қойылды.

Бахрейн Патшалығы ҳәм Оман Патшалығы менен ҳәр тәреплеме бирге ислесиў избе-из  раўажланбақта.

Бул мәмлекетлер менен инвестиция жойбарларының портфели 50 миллиард доллардан артты. «Жасыл» энергетика, химия санааты, аўыл хожалығы, IT, транспорт ҳәм логистика, инфраструктура ҳәм туризм тараўларында жойбарлар әмелге асырылмақта. 500ге шамалас биргеликтеги кәрхана шөлкемлестирилди, тиккелей авиақатнаўлардың саны ҳәптесине 150 ден артты.

Регионаллық күн тәртибиндеги, соның ишинде, Жақын Шығыстағы  жағдайды тәртипке салыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Болажақ жоқары дәрежедеги илажлар режеси, бәринен бурын, усы жылы май айында Самарқанд қаласында «Орайлық Азия – Араб қолтығы араб  мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси» сөйлесиўиниң екинши саммитин өткериў мәселелери көрип шығылды.

Президент Шавкат Мирзиёев БМШ Бас хаткериниң балаларға зорлық мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили Нажат Мааланы қабыллады.

Жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриштиң қызғын сәлемин жеткерди.

БМШ институтлары, атап айтқанда, Арнаўлы ўәкил  офиси менен бала ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша көп тәреплемели шерикликти раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Арнаўлы ўәкил Өзбекстан жетекшисиниң балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў, ҳаял-қызлар ҳәм балаларды қәўипли аймақлардан қайтарыў, балалардың мийнетин сапластырыў бағдарындағы нәтийжели  реформаларын жоқары баҳалады.

Бала ҳуқықларына байланыслы халықаралық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди, баланың ҳуқықларын қорғаў бойынша нызамшылық ҳәм миллий институтлардың жумысын жетилистириў мәселелеринде бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, Ташкент қаласында балаларға болған  зорлықтың алдын  алыў бойынша регионаллық конференция ҳәм БМШ бас резиденциясында Өзбекстанның әмелий тәжирийбеси менен танысыў бойынша дөгерек сәўбетин өткериў мәселелери көрип шығылды.

Соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Парламентлераралық Аўқамның усы абырайлы структура баслығы Тулия Эксон  ҳәм бас хаткери Мартин Чунгонгтан ибарат делегациясын қабыллады.

Парламентлераралық Аўқамның жоқары дәрежели ўәкиллери мәмлекетимиздиң басшысын Ташкент қаласында шөлкемниң юбилей Ассамблеясы табыслы шөлкемлестирилгени ҳәм оның жалпы мәжилисинде дәстүрий шығып сөйлегени менен қызғын қутлықлады.

Бундай кең көлемли форумның Өзбекстанда өткерилип атырғаны  ҳәм алға қойылған басламалар толық қоллап-қуўатланғаны Жаңа  Өзбекстандағы артқа қайтпайтуғын реформалар, әсиресе, парламентаризмди раўажландырыў бағдарындағы нәтийжелердиң халықаралық тән алыныўы атап өтилди.

Аўқам менен бирге ислесиў жоқары дәрежеге шығып, нәтийжели түрге енгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Кейинги жылларда биргеликтеги ҳәрекетлер менен Бухара қаласында Турақлы раўажланыў мақсетлери бойынша парламентлераралық форум ҳәм Ташкент қаласында парламентлер ҳаял-қыз басшыларының 14-саммити  шөлкемлестирилди.

Буннан тысқары, БМШ Бас Ассамблеясының Турақлы раўажланыў мақсетлерине  ерисиўде парламентлердиң ролин күшейтиў ҳаққындағы арнаўлы резолюциясы қабыл етилди.

Сәўбетлесиў ўақтында мәмлекетлер ҳәм халықлар арасында тынышлық ҳәм  конструктивлик сөйлесиўди беккемлеў, «жасыл» раўажланыў ҳәм жасалма интеллект тараўында  нызам  дөретиўшилигин кеңейтиў, ҳаял-қызлар  ҳәм жасларды парламент жумысына және де көбирек тартыў  бойынша бағдарламаларды әмелге асырыўда парламент дипломатиясының  әҳмийети атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Президенти бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм парламент дипломатиясын нәтийжели алға қойыўға қосқан үлкен үлеси ушын Парламентлераралық Аўқамның бас хаткери  Мартин Чунгонгти «Дўстлик» ордени менен сыйлықлады.

Өзбекстан 2017-жылы Аўқам жумысындағы қатнасыўын қайта тилеп,  бүгинги күнде оның атқарыў структураларында толық қатнасып атырғанын атап өтиў зәрүр.

ӨзА