Өзбекстан Президенти Парламентлераралық аўқам шеңбериндеги бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүрлигин атап өтти

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-апрель күни Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей Ассамблеясының ашылыўында шығып сөйледи.
Әнжуманға 140қа шамалас мәслекеттен 2 мыңнан аслам делегатлар қатнаспақта.
Өз қатарына 181 миллий парламент ҳәм 15 регионаллық аўқамды бирлестирген Аўқамның Ассамблеясы биринши мәрте Орайлық Азия регионында болып өтпекте.

Сөзиниң басында Өзбекстан Президенти кейинги жылларда дүньяның түрли регионларында қураллы соқлығысыўлар, экологиялық ҳәм техноген апатшылықлар, экономикалық кризислер, «саўда урыслары», терроризм ҳәм экстремизм қәўиплери барған сайын күшейип атырғанын атап өтти.
– Бундай оғада аўыр шараятта дүньяда тынышлықты сақлаў, жәмийетлик раўажланыўды ҳәм әдилликти тәмийинлеўде парламентлердиң қатнасыўын ҳәм тәсирин арттырыўды заманның өзи талап етпекте, – деди Президент.

Өзбекстанның басламасы менен гезектеги Ассамблея «Социаллық раўажланыў ҳәм әдиллик ушын парламент ҳәрекети» атамасында өткерилип атырғанын атап өтиў керек.
Таллаўларға бола, кейинги отыз жылда жалпы ишки өнимниң көлеми 4,5 есеге артқан. Бирақ адамзаттың кәмбағал қатламларының дәраматлары дерлик өзгермеген. Егер бул тенденция сақланып қалса, 2030-жылға барып дүнья халқының 575 миллионы гедейликте өмир сүреди. 84 миллион бала болса билим алыў имканиятынан айырылады.

Бул бағдарда мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары арасында көп тәреплеме бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм буннан былай да кеңейтиў улыўмалық раўажланыўға мүнәсип үлес қосатуғыны атап өтилди.
Президентимиздиң атап өткениндей, «Өзбекстан – 2030» стратегиясында парламент институтын раўажландырыў әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгиленген. Кейинги жылларда нызам шығарыўшы ҳәкимияттың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстағы орнын арттырыўға қаратылған 20 дан аслам нызамлары қабыл етилди.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының толық ўәкилликлери 5 тен 12 ге, Сенаттың ўәкилликлери болса 14 тен 18 ге жеткерилди. Президенттиң бир қатар ўәкилликлери нызам шығарыўшы ҳәкимиятқа өткерилди.
Миллий парламентимизде ҳаял-қызлардың үлеси бүгинги күнде 38 процентке жетти. 2021-жылы Олий Мажлис палаталарының жанында биринши мәрте жаслар парламентлериниң жумысы жолға қойылды.

Өзбекстан парламент бағдарында глобаллық әҳмийетке ийе болған бир қатар басламаларды алға қоймақта. БМШ Бас Ассамблеясының «Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўди жеделлестириўде парламентлердиң ролин күшейтиў ҳаққында»ғы резолюциясы қабыл етилди.
Өзбекстан ўәкиллери Азия Парламентлери Ассамблеясы, Орайлық Азия парламентлери форумы, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Парламент Ассамблеясы, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Парламентлер Ассамблеясы ҳәм басқа да платформаларға белсене қатнаспақта.

Мәмлекетимиз басшысы парламентлераралық бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларын көрсетип өтти.
Дүньяның ҳәр қыйлы регионларындағы келиспеўшиликлер глобаллық ҳәм регионаллық тынышылыққа ҳәм қәўипсизликке қәўип салып атырғаны атап өтилди. Өзбекстан ҳәр қандай қарама-қарсылықларды тек ғана дипломатиялық ҳәм тыныш сөйлесиўлер жолы менен шешиўдиң тәрепдары екени атап өтилди.
Бундай мәселелерде халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормалары, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Режеси ҳәм резолюциялары тийкарында шешим табыў әҳмийетли.

Усы мәнисте, Өзбекстан Бирлескен Миллетлер Шөлкемин универсал ҳәм уқсасы жоқ бирден-бир глобал структура сыпатында тән алады.
Өзбекстан жетекшиси климат өзгерислери бәрқулла дыққат орайында болыўы керек екенлигин атап өтти. Париж келисими шеңберинде ҳәм углерод нейтраллығына ерисиў бағдарында алынған миннетлемелер толық орынланыўы әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ҳаял-қызлардың ҳуқықларын беккем қорғаў жәмийетлик раўажланыўдың тийкарғы шәртлеринен бири болып табылады. Дүнья көлеминде ҳаял-қыз депутатлардың үлеси 1995-жылдағы 11,3 проценттен быйылғы жылға келип 27,2 процентке көтерилген.
Соңғы жыллары мәмлекетимизде БМШ институтлары ҳәм Парламентлераралық аўқам менен биргеликте Азия ҳаял-қызлар форумы ҳәм Жәҳән парламентлери ҳаял-қыз басшылары саммити нәтийжели өткерилди.
Өзбекстанның басламасы менен алға қойылып атырған БМШ Бас Ассамблеясының “Азия ҳаял-қызларының социаллық-экономикалық, сиясий-ҳуқықый ҳәм мәдений-гуманитарлық белсендилигин арттырыў ҳаққында”ғы резолюциясы қоллап-қуўатланатуғынына үмит билдирилди.

Жаслардың парламент жумысы менен бир қатарда жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында толық қатнасыўы ушын олардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў оғада әҳмийетли мәселе болып есапланады. Сол себепли миллий парламентлер ҳәм Аўқам жумысына жасларды жедел тартыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Парламентлераралық аўқам системасы шеңберинде Жаслар парламентлери глобал платформасын шөлкемлестириў ҳәм оның шөлкемлестириў форумын Өзбекстанда өткериў усыныс етилди.
Ҳәр бир инсанның социаллық қорғаўға болған ҳуқықларын тәмийинлеў, халықаралық стандарт ҳәм нормалар тийкарында сапалы хызметлер көрсетиў де тийкарғы мәселе екени атап өтилди.
Өзбекстан Президенти әнжуман қатнасыўшыларын усы жылы сентябрь айында мәмлекетимизде болып өтетуғын кәмбағаллықты қысқартыўға бағышланған халықаралық конференцияның жумысында қатнасыў ушын мирәт етти.
Мәмлекетимиз басшысы жасалма интеллект тараўында системалы бирге ислесиўди күшейтиўди бүгинги заманның өзи талап етип атырғанын атап өтти. Жасалма интеллекттен пайдаланыў этикасы бойынша үлги нызам ислеп шығылса, бул инновациялық ҳуқықый тийкар тараўды нәтийжели тәртипте салыўда барлық мәмлекетлер ушын өзине тән үлги болады.
Билдирилген барлық усыныс ҳәм басламалар Парламентлераралық аўқамның Стратегиясы мақсетлерине толық сәйкес екени атап өтилди.
Сөзиниң жуўмағында Өзбекстан Президенти юбилей Ассамблея жумысына ҳәм қатнасыўшыларына үлкен жетискенлик ҳәм табыслар тиледи.
ӨзА