Өзбекстан Президенти Пакистан менен келисимлердиң орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтти
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-апрель күни Парламентераралық аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы шеңберинде Пакистан Ислам Республикасы Сенаты Баслығы Юсуп Ризо Ғилоний басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Ушырасыў басында жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Президент Асиф Али Зардарий ҳәм Бас министр Шаҳбоз Шарифтиң сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан-Пакистан стратегиялық шериклик қатнасықлары избе-из раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өз-ара сўда көлеми, биргеликтеги кәрханалар ҳәм тиккелей пәрўазлардың саны артпақта, еки мәмлекет жетекши компанияларының қатнасыўында бизнес форумлары ҳәм көргизбелер турақлы өткерилмекте.
Жақында Өзбекстанға әмелге асырылған жоқары дәрежедеги тарийхый сапар даўамында ерисилген келисимлердиң нәтийжели орынланыўын тәмийинлеўде парламентлердиң ролин күшейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Саўда-экономика, инвестиция ҳәм транспорт тараўларындағы әҳмийетли жойбар ҳәм бағдарламаларды жеделлестириў, соның ишинде, Трансаўған жол қурылысын алға қойыў, сондай-ақ, аймақлараралық бирге ислесиў ҳәм гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
ӨзА