Айырым шаңарақларға бир мәртелик материаллық жәрдем бериледи

2025-2026-жылғы ысытыў мәўсиминде жәрдемге мүтәж қатламды қоллап-қуўатлаў мақсетинде ноябрь айында айырым категориядағы шаңарақларға 1 миллион сумнан бир мәртелик материаллық жәрдем бериледи. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди.
Оған бола, жәрдем пуллары социаллық жәрдем реестрине киргизилген ҳәм «мәҳәлле жетилиги» жуўмағы тийкарында жәрдемге мүтәж деп табылған шаңарақларға ажыратылады. Онда бағыўшысын жойытқанлар ҳәм майып ағзасы бар шаңарақлар, майып перзентти тәрбиялап атырғанлар ямаса узақ емлениўге мүтәжлер де нәзерде тутылған.
Буннан тысқары, жалғыз кекселер, 3 ҳәм оннан артық шаңарақ жасайтуғын хожалықлар, газ тәмийнаты болмаған ҳәм орайластырылған тәртипте ысытылмайтуғын көп қабатлы турақ жайларда жасаўшылар да материаллық жәрдем алыўы мүмкин.
Қосымша дүзилетуғын дизимдеги шаңарақлар саны реестрине киргизилген шаңарақлар санының 40 процентинен аспаўы керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги