Президентимиз Өзбекстан менен Әзербайжан арасындағы көп тәреплемели қатнасықларды кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти

155

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-апрель күни Парламентлераралық аўқам Ассамблеясының 150-сессиясы шеңберинде Әзербайжан Республикасы Миллий Мажлиси Баслығы Соҳиба Гафарованы қабыллады.

Ушырасыў алдында жоқары мәртебели мийман Өзбекстан жетекшисине Әзербайжан Президенти Илҳам Әлиевтиң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан менен Әзербайжан арасындағы дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де кеңейтиў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Экономикалық бирге ислесиў жылы шеңберинде биргеликте нәтийжели жумыслар әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми артпақта, экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында кооперациялық жойбарлар жедел түрге енген. Мәдений-гуманитарлық илажлар турақлы өткерип келинбекте.

Ерисилген келисимлердиң орынланыўын қадағалаў ҳәм болажақ жоқары дәрежедеги саммитлер ушын жаңа усыныслар ислеп шығыў мақсетинде парламентлер арасында тығыз әмелий бирге ислесиўди ҳәм жедел алмасыўларды даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

ӨзА