Өзбекстан биринши мәрте Европа экономикалық комиссиясы форумына биргеликте басшылық етти

Өзбекстан Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Европа экономикалық комиссиясы (UNECE) тәрепинен шөлкемлестирилген Турақлы раўажланыў бойынша регионаллық форумына биринши мәрте биргеликте басшылық етти.
Швейцарияның Женева қаласында болып өткен бул абырайлы әнжуманда Өзбекстан Республикасы экономика ҳәм қаржы министриниң орынбасары Умид Обидхўжаев мәмлекетимиз атынан жәрдемши басшысы сыпатында қатнасып, турақлы раўажланыў тараўындағы әҳмийетли мәселелер бойынша додалаўларға жетекшилик етти. Ол өз сөзинде регионаллық тәжирийбе ҳәм көз қарасларды глобал көлемде усыныўға айрықша итибар берди.

Бул баслама Өзбекстанның халықаралық масштабтағы абырайы артып, соның ишинде, Турақлы раўажланыў мақсетлерин (SDG) әмелге асырыўдағы беккем позициясынан дәрек береди. Бул биргеликтеги басшылық Өзбекстан ушын тек ғана сиясий ҳәм экономикалық емес, ал экологиялық ҳәм социаллық турақлылықты тәмийинлеў жолында да әҳмийетли қәдем болды.

Форум шеңберинде мәмлекетлер арасында бирге ислесиўди беккемлеў, тәжирийбе алмасыў ҳәм жаңа идеяларды алға қойыў бағдарында бир қатар әмелий келисимлер ҳәм сөйлесиўлер әмелге асырылды.
Өзбекстан бул процессти жедел даўам еттиреди. Мәмлекетимиз глобал көлемде турақлы раўажланыўға қарай умтылыўда сөйлесиў ҳәм әмелий бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайды.
Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,
ӨзАның хабаршысы