Миллетлер аралық татыўлық ҳәм дослығымызға көз тиймесин

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Биз – бир шаңарақ перзентлеримиз!» сүрени тийкарында «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасында байрам кешеси өткерилди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов ҳәм институт ректоры Қ.Қодировлар шығып сөйлеп, бүгинги күнде елимизде бир жүз отыздан аслам миллет ҳәм халықлардың ўәкиллери бир шаңарақтың перзентлериндей татыўлықта, аўызбиршиликте жасап, түрли тараўларда нәтийжели мийнет етип атырғанын атап өтти.
Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасының баслығы Е.Тилеўов елимизде барлық миллет ҳәм халықлардың тили, мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлаў және раўажландырыў ушын барлық шараятлар жаратылғанлығы, мәмлекетимиз тәрепинен ҳәр қыйлы миллетлер арасында өз-ара мийрим-шәпәәтти буннан былай да беккемлеўге айрықша итибар қаратылып атырғанлығы ҳаққында өз баянатында айтып өтти.
Сөзге шыққанлар бүгингидей глобалласыў шараятында көплеген мәмлекетлерде жүз берип атырған миллий, диний ҳәм этникалық келиспеўшиликлер жағдайында бизиң елимизде ҳәр қыйлы миллет ўәкиллериниң тыныш-татыў, абадан турмыста өмир сүриўи елимизде алып барылып атырған усы бағдардағы дурыс сиясаттың нәтийжеси болып есапланатуғынлығына айрықша тоқталды.
– Бүгинги күнде елимизде Президентимиздиң басшылығында миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў, халықлар арасында өз-ара аўызбиршиликти тәмийинлеў, кеңпейиллик ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын күшейтиўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар алып барылмақта,-дейди институттың баспасөз хаткери И.Мәтеков.
Институтымыз көп миллетли татыў шаңараққа мегзейди. Онда 17 мыңға шамалас студент-жаслар билим алмақта. Билимлендириў 5 тилде алып барылатуғын оқыў дәргайымызда қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен, рус, украин, корейс, қырғыз, тәжик, әзербайжан, башқурт, уйғыр ҳәм татар сыяқлы улыўма 11 миллетке тийисли студентлер бир шаңарақтың перзентлериндей, аўызбиршиликте оқып атыр. Өткерилип атырған бундай илажлар жаслар арасында усындай уллы қәдириятларымызды кеңнен үгит-нәсиятлаўға хызмет етпекте.

Илаж институттың «Тумарис» халық ансамбли ҳәм талантлы студентлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги