Абай Қунанбай улының 180 жыллығына арналған халықаралық конференция болып өтти

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында қазақ халқының уллы шайыры, әдебий тил ҳәм жазба әдебиятының тийкарын салыўшысы, ағартыўшы, философ, композитор, аўдармашы ҳәм жәмийетлик ғайраткери Абай Қунанбай улының 180 жыллық юбилейине арналған «Абай руўхый ғәзийнесиниң түркий дүньясына тәсири» атамасындағы халықаралық илимий-теориялық конференциясы болып өтти,-деп хабар берди НМПИ баспасөз хаткери И.Мәтеков.
Конференцияға Қазақстан, Әзербайжан, Түркия мәмлекетлеринен, сондай-ақ, республикамыздағы алдынғы жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайларынан илимпазлар, докторантлар ҳәм излениўшилер қатнасты.
Илаж қатнасыўшылары институт ректоры Қ.Қодиров, Түркий тиллер факультетиниң жәмәәти және қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының профессор-оқытыўшылары тәрепинен салтанатлы түрде күтип алынды.
Мийманлар дәслеп институтта қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкили Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген Әжинияз музейинде болып, бул жердеги экспонатлар менен танысты.
Конференцияның ашылыў пленарлық мәжилисинде институт ректоры Өзбекстан ҳәм Қазақстанның барлық тараўлар бойынша дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары, соның менен бирге, тарийхы, тили, дини, мәденияты, турмыс тәризи бир-бирине тамырласып кеткен түркий халықлар менен даўам етип атырған бирге ислесиў жумысларының әҳмийетине тоқталып өтти.
Халықаралық илаж шеңберинде илимпазлар қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен ҳәм басқа халықлар әдебиятының тығыз байланыслары, Абай Қунанбай улы дөретиўшилигиниң тек ғана қазақ халқы емес, соның менен бирге, түркий халықлар ҳәм дүнья әдебиятындағы тутқан орны, оның терең философиялық, гуманистлик ой-пикирлери, көзқараслары, шығармаларының дүнья халықлары әдебиятында үйренилиўи, оларды халықаралық көлемде үгит-нәсиятлаў ҳәм келешек әўладларға жеткериў сыяқлы мәселелер бойынша баянатлар жасады. Өз-ара пикир алмасты.


Қазақстаннан келген мийманлар Абайдың әдебий ҳәм философиялық мийрасы пүткил түркий дүнья ушын үлкен әҳмийетке ийе екенлигин атап өтип, оның 180 жыллық юбилейи бириншилерден болып Қарақалпақстан аймағында белгиленип атырғаны ушын институт жәмәәтине миннетдаршылық билдирди.
Илаж шеңберинде конференцияны шөлкемлестириў, соның менен бирге, жоқары оқыў орынлары арасында бирге ислесиўди раўажландырыўға үлес қосып атырған белсендилерге алғыснамалар тапсырылды.

Конференция өз жумысын секцияларда даўам еттирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги