Қатар парламенти ўәкиллери төменги палата спикери менен ушырасты

190

Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы шеңберинде мәмлекетимизде болып турған Қатар Мәмлекети Шўро Кеңесиниң баслығы Ҳасан бин Абдуллоҳ ал-Ғоним басшылығындағы делегация Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов пенен ушырасты.

Ушырасыўда мәмлекетлеримиз басшыларының сиясий ерк-ықрары, ҳәрекетлери ҳәм өз-ара дослық қатнасықлары нәтийжесинде еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў жедел  сиясий сөйлесиўлер өз-ара пайдалы экономикалық байланысларды жаңа басқышқа алып шығып атырғаны жоқары баҳаланды.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2023-жыл октябрь айында Қатарға әмелге асырған мәмлекетлик сапары ҳәм Қатар Мәмлекетиниң Әмири Шейх Тамим бин Ҳамад Ол Сонийдиң 2023-жылы еки мәрте Өзбекстанға ислеген сапары мәмлекетлер арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди және де кеңейтиў, мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шерикликти беккемлеўде әҳмийетли фактор болып атырғаны айрықша атап өтилди.

Сөйлесиў даўамында делегация ағзаларына жаңа басылымдағы Конституция нормаларын жүзеге шығарыў бағдарындағы ҳәрекетлер ҳәм Нызамшылық палатасы жумысының тийкарғы бағдарлары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Өз гезегинде, Қатар Мәмлекети Шўро Кеңеси баслығы еки тәреплеме байланысларды раўажландырыўда әҳмийетли фактор болған парламентлераралық бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм беккемлеў, усы бағдардағы сөйлесиўлерди көбейтиў ҳәр тәреплеме пайдалы екенин атап өтти.

Сондай-ақ, Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан мәмлекетлик шегараларының тутас ноқаты ҳаққындағы тәрийхый шәртнамаға қол қойылғаны, Самарқандта болып өтип атырған «Орайлық Азия-Европа Аўқамы» биринши саммити жоқары баҳаланып, қоллап-қуўатланды.

Қызғын руўхта өткен ушырасыўда парламентлераралық байланысларды жаңа басқышқа көтериў, парламентлераралық дослық топарларының жумысын және де жанландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы