Жанылғы –энергетика тараўында базар механизмлерин енгизиўде мүтәж халықты мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мәмлекетимизде жанылғы –энергетика ресурслары баҳаларының қәлиплесиўин басқышпа-басқыш базар принциплерине өткериў дәўиринде халықты мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў мақсетинде қарар етемен:
- Мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажлары
- 2025-жыл 1-майдан 2027-жыл 1-аперльге шекем «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем алатуғын ҳәм Кәмбағал шаңарақлар реестрине (кейинги орынларда – Реестрлер) киргизилген, сондай-ақ, Реестрлерге киргизилмеген, бирақ материаллық жағдайы бойынша кем тәмийинленген шаңарақлардың нормаларына дурыс келетуғын, шаңарақтағы жан басына дәраматы минимал тутыныў қәрежетлериниң 1,5 есесинен артпайтуғын шаңарақларға:
(а) электр энергиясынан пайдаланыўы бойынша – айына базалық нормиадан 150 кВт саатқа шекем;
(б) тәбийғый газден пайдаланыўы бойынша – ысытыў мәўсиминде айына базалық нормадан 250 куб метрге шекем, басқа дәўирлерде айына базалық нормадан 150 куб метрден аслам пайдаланылған бөлеги ушын базалық норма шеңбериндеги ҳәм базалық нормадан артқан баҳалар арасындағы айырмашылық компенсацияланып берилетуғыны белгиленсин.
- 2025-2026-жылғы ысытыў мәўсиминде халықтың мүтәж қатламын қосымша материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде быйылғы жылдың ноябрь айында төмендеги шаңарақларға 1 миллион сумнан бир мәртелик материаллық жәрдем ажыратылсын:
(а) Реестрлерге киргизилген шаңарақларға;
(б) «мәҳәлле жетилиги» тәрепинен қосымша дизим қәлиплестирилиўинде биринши гезекте, бағыўшысын жойытқан шаңарақлар, ағзалары I ҳәм II топар майыплығы болған шахслардан ибарат шаңарақлар, майыплығы болған балаларды бағып атырған шаңарақлар, узақ мүддетли емлениўди талап ететуғын кеселликлер менен аўырған шахслар жасайтуғын шаңарақлар, басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз жасайтуғын шахслар ҳәм жалғыз жасайтуғын кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар, үш ҳәм оннан аслам шаңарақ жасайтуғын жайларда ҳәм газ тәмийнаты болмаған ҳәм орайластырылған тәртипте ысытылмайтуғын көп қабатлы жайларда жасайтуғын шаңарақлар инабатқа алынады;
(г) қосымша түрде қәлиплестирилетуғын дизимдеги шаңарақлардың саны Реестрлерге киргизилген шаңарақлар санының 40 процентинен артпаўы зәрүр.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы менен биргеликте 2025-жыл 1-октябрьге шекем «мәҳәлле жетиликлери» тәрепинен республика бойынша ҳәр бир мәҳәлле кесиминде қосымша дизимлер қәлиплестирилиўин тәмийинлесин. Онда ҳәкимликлер тийисли район (қала) бойынша Реестрлерге киргизилген шаңарақлар санының 40 процентинен артпаған ҳалда мүтәж шаңарақлардың санына мәҳәллелер кесиминде өзгерислер киргизилиўи мүмкин.
- II. Қаржылай ресурслар
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги усы қарар менен белгиленип атырған материаллық жәрдем ҳәм компенсация төлемлерин ҳәм усы төлемлер бойынша АК «Халық банки» хызметине ҳақы төлеў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын Өзбекстан Республикасы республикалық бюджет қаржылары есабынан Социаллық қорғаў миллий агентлигине зәрүр қаржыларды ажыратсын.
III. Қарардың орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў
- Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте усы қарарға муўапық қосымша дизимлерди қәлиплестириў ҳәм компенсация ҳәм материаллық жәрдем төлемлерин төлеў тәртибин тастыйықласын. Онда район (қала) ҳәкимликлери, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясының район (қала)лық бөлимлери, «Инсан» социаллық хызметлер орайлары ҳәм «мәҳәлле жетилиги»ниң ўазыйпалары анық белгиленсин.
- Социаллық қорғаў миллий агентлиги:
(а) электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ бойынша компенсация төлемлери өз ўақтында төлениўин;
(б) АК «Халық банки» менен биргеликте усы жыл ноябрь айында бир мәртелик материаллық жәрдем төлениўин;
(в) Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен биргеликте усы қарардың мақсети, ўазыйпалары ҳәм оннан күтилип атырған нәтийжелер ғалаба хабар қураллары, интернет ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендирилиўин шөлкемлестирсин.
- Министрлер Кабинети жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы, Энергетика министрлиги бир ҳәпте мүддетте халық тәрепинен электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден нәтийжели пайдаланыўды жолға қойыў арқалы энергия ресурсларын жумсаўға қаратылған мәнзилли илажлардың режесин ислеп шығып, тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы (Қ.Қуранбаев), Социаллық қорғаў миллий агентлиги (М.Оллоёров)ниң:
(а) кәмбағал шаңарақлар ҳәм мүтәж халықты қосымша қоллап-қуўатлаў илажлары менен толық қамтып алыў мақсетинде мәҳәллелерде мәнзилли үгит-нәсият жумысларын күшейтиў;
(б) халыққа материаллық жәрдем ажыратыўда мәҳәлле басшылары тәрепинен ашық-айдынлық ҳәм әдиллик тәмийинлениўин кепиллеўи ҳәм жеке жуўапкершилиги белгиленсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери бир мәртелик материаллық жәрдемди төлеў бойынша қосымша дизимлердиң дурыс қәлиплестирилиўине ҳәм төлемлердиң өз ўақтында төлеўине жеке жуўапкер етип белгиленсин.
- Бас прокуратура (И.Адхамов) усы қарарға муўапық ажыратылатуғын қаржылардың мақсетли жумсалыўы үстинен турақлы қадағалаў орнатсын.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоров ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи – Социаллық қорғаў миллий агентлиги директоры М.П.Оллоёров белгиленсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў ҳәм орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасы Бас минисри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2025-жыл 2-апрель