Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммитинде шығып сөйлеген сөзи

160

Ҳүрметли делегация ағзалары!

Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!

Сизлерди «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммитинде қутлықлаўдан оғада қуўанышлыман.

Европа Кеңеси Президенти Уллы мәртебели Мырза Антониу Кошта, Европа Комиссиясы Президенти Урсула фон дер Ляйен Ханымларға, мениң барлық кәсиплеслерим – регион мәмлекетлери жетекшилерине саммитти әйне усы жерде, әййемги Самарқанд қаласында өткериў бойынша басламамызды қоллап-қуўатлағаны ушын миннетдаршылық билдиремен.

Көп әсирлер даўамында Уллы Жипек жолының тийкарғы жолларының кесилиспесинде жайласқан бул даңқлы қала цивилизациялар қарым-қатнасы және Шығыс ҳәм Батыс арасында дипломатия, саўда ҳәм мәдений алмасыўлардың әҳмийетли орайы болған.

Бул ҳаққында көплеген тарийхый дәлиллер бар. Мәселен, Маўаренаҳр ҳүкимдари Әмир Темур буннан  алты әсирден аслам ўақыт алдын әне, усы диярда турып еркин ҳәм қәўипсиз саўданы тәмийинлеў мақсетинде Европа ҳүкимдарлары менен жедел сөйлесиўлерди жолға қойған.

Бизиң Муҳаммад Хорезмий, Аҳмед Ферғаний, Әбиў Райхан Беруний, Ибн Сина, Мырза Улығбек ҳәм басқа да уллы улама ҳәм ойшылларымыз жәҳән, соның ишинде, Европа илим ҳәм философиясының раўажланыўына шексиз үлес қосқанын, әлбетте, атап өтпей өте алмаймыз.

Бизиң терең тарийхый тамырларға ийе болған қатнасықларымыз ҳәзирги заман шараятында жедел раўажланып ҳәм беккемленип атырғанын бүгин мен қанаатланыўшылық пенен атап өтиўди қәлер едим.

Усы күнлерде болып өткен ашық, конструктивлик ҳәм нәтийжели ушырасыўлар еллеримиз ҳәм регионларымыздың мәплери жолында шериклик ҳәм әмелий бирге ислесиўди тереңлестириўге болған сиясий ерк-ықрарымызды және бир мәрте көрсетти.

Европа Аўқамы тийкарғы институтларының басшыларына өз-ара түсинисиў ҳәм Орайлық Азияда интеграция ҳәм турақлы раўажланыў процесслерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап атырғаны ушын және бир мәрте миннетдаршылық билдиремен.

Мен бул залда дәстүрий шериклеримиз – Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки президенти Рено-Басо ҳәм Европа инвестиция банки ўәкиллерин көрип турғанымнан да қуўанышлыман. Бул қаржы институтларының «Келешекке инвестициялар» сүрени астында өтип атырған бүгинги саммитимиздиң ўазыйпа ҳәм қарарларын алға қойыўдағы роли оғада әҳмийетли, деп есаплаймыз.

Усы жерде буннан сегиз жыл бурын Өзбекстан менен Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки қатнасықлары тоқтап турғанын атап өтиўди қәлер едим. Бүгин болса биз банктиң ең ири бенефициарларынан биримиз.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Ашхабадтағы ушырасыўлардың жуўмақлары бойынша бизиң министрлер ҳәм экспертлеримиз көп тәреплеме бирге ислесиўдиң барлық тийкарғы бағдарларын қамтып алған саммиттиң күн тәртибин таярлады.

Сондай-ақ, биз бүгин Орайлық Азия дусласып атырған заманагөй экологиялық қәўип-қәтерлерге бағышланған Самарқанд климат форумы жалпы сессиясына да биргеликте қатнасамыз.

Ҳүрметли делегациямыз басшылары!

Бизиң ушырасыўымыз жедел ҳәм алдын ала болжаўға болмайтуғын глобал процесслер шараятында өтпекте.

Биз геосиясий қарама-қарсылықлар, қәўипсизлик машқалалары, ири регионаллық кескинликлердиң күшейиўиниң гүўасы болмақтамыз.

Бизге белгили, ҳеш бир регион кең халықаралық шерикликсиз буншелли қыйын мәселелерди еркин шеше алмайды.

Усы мүнәсибет пенен Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы дәстүрий шериклер болып, өз-ара тығыз бирге ислесиў ушын талап тек ғана артып атырғанын атап өтиўди қәлер едим. Биз де Европа тәрепи сыяқлы халықаралық ҳуқық принциплерине ҳәм нормаларына садықлығымызды билдиремиз.

Украина әтирапындағы жағдайды тыныш жол менен шешиў бойынша сөйлесиўлер процесслери басланғанлығын толық қоллап-қуўатлаймыз. Алдында оғада қурамалы ҳәм шешими аңсат болмаған мәселелер турғанын түсинемиз.

Бирақ дипломатиялық ҳәрекетлер ҳәм сиясий қарарлар қабыл етиўден басқа да альтернатив жолды биз көрмей атырмыз.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Улыўма сиясий ерк-ықрарымыз себепли турақлы ҳәм изге қайтпайтуғын түрге енген Орайлық Азияда терең трансформация процесслери көп тәреплеме бирге ислесиўимизди раўажландырыўға хызмет етпекте.

Регион мәмлекетлери арасында исеним ҳәм жақын қоңсышылық беккемленбекте, кең көлемли бирге ислесиў ҳәм кооперациялық байланыслар кеңеймекте. Буннан жети-сегиз жыл бурын буған ҳәттеки  шараят та жоқ еди. Айырым мәмлекетлер арасындағы шегаралар жабық еди. Я саўда, я транзит, я бизнес, ҳеш қандай гуманитарлық алмасыўлар жоқ еди. Қатнасықлар солай музлатып қойылған еди. Сол ўақытта ҳеш ким жақын келешекте биз Европа жетекшилери менен сөйлесиўлерде регионымызды биргеликте көрсетиўимизди көз алдына да келтире алмас еди.

Орайлық Азияның ашық-айдынлығы  ҳәм барлық шериклер менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўге таяр екени регионда қәўипсизлик ҳәм абаданлықты тәмийинлеўдиң ең әҳмийетли шәртине айланды.

Усы жыл сентябрь айында биз Ташкентте региондағы мәмлекет басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўын өткеремиз ҳәм оның шеңберинде улыўма күн тәртибиндеги барлық әҳмийетли ўазыйпаларды ашық ҳәм конструктив шешемиз.

Бүгинги саммитимиз қарсаңында тарийхый ўақыялар болып өткенин айрықша атап өтиўди қәлер едим. Бул жерде сөз Қырғызстан ҳәм Тәжикстан арасында мәмлекетлик шегаралар мәселеси толық шешилгени ҳәм делимитациялаў бойынша келисимлерге қол қойылғаны ҳаққында болмақта.

Және бир мәрте ҳүрметли кәсиплеслерим Эмомали Шарипович Раҳман ҳәм Садир Нурходжаевич Жапаровты шын жүректен қутлықлайман.

Биз биргеликте регионда ири инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын бирликтеги инвестициялық жойбарлар ҳәм компаниялар жумыс алып бармақта. Регионда ишки саўда көлеми артып бармақта. Оларды хошаметлеў ушын шегара алды саўда зоналары жаратылмақта. Булардың бәри еллеримиз ҳәм пүткил регионымыздың турақлы раўажланыўына имканият жаратқанын атап өтиўди қәлер едим.

Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки экспертлериниң есап-санақларына бола, регионаллық жалпы ишки өнимниң өсими быйыл алты процентке шекем жетеди ҳәм бул басқа регионлардағы орташа көрсеткиштен сезилерди дәрежеде жоқары болып табылады. Соның ишинде, Өзбекстанда санаатластырыў, инфраструктураларға инвестициялар киргизиў, экономиканы либералластырыў ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаўдың есабынан турақлы экономикалық өсим тәмийинленбекте.

Улыўма регионаллық өзине тәнликти қәлиплестириў, сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық ҳәм билимлендириў бойынша алмасыўларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған биргеликтеги жумысларымызды айрықша атап айтпақшыман.

Биз мәмлекетлеримизде жетекши миллий оқыў мәкемелериниң филиалларын ашып атырмыз. Сырт елли туристлер ушын бирден-бир Орайлық Азия визасы жойбарын алға қойып атырмыз.

Ҳүрметли делегация басшылары!

Бизиң дәслепки саммитимиз Қазақстан ҳәм Қырғызстанда табыслы өткен Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы жетекшилериниң еки ушырасыўының логикалық даўамы болып табылады. Бул сөйлесиўлер ҳәр еки тәрептиң мәплерин түсиниў ҳәм шерикликтиң улыўма бағдарларын белгилеп алыўға пайдалы болды. Кейинги жылларда Европа Аўқамы менен өз-ара бирге ислесиў сезилерли жеделлескени бақланып атырғанын атап өтпекшимен.

Кейинги жети жылда Орайлық Азия мәмлекетлериниң Европа Аўқамы менен өз-ара товар айланысының көлеми бир неше мәрте өсип, 54 миллиард евроға жетти. Бирге ислесиўдиң нәтийжели платформалары иске қосылды. Барлық әҳмийетли бағдарларда министрлердиң қатнасыўында мәжилислер, форумлар, саммитлер ҳәм конференциялар турақлы өткерилип келинбекте.

Соның менен бирге, бул ушырасыў көп тәреплеме қатнасықларымыздың раўажланыўында жаңа басқыштың өзине тән басланыў ноқаты болыўы керек, деп есаплайман.

Усы мүнәсибет пенен, орта ҳәм узақ мүддетли келешекте биргеликтеги ислеримиздиң биз ушын әҳмийетли бағдарларын көрсетип өтиўди қәлер едим.

Биринши. Бул – сиясий сөйлесиўлерди беккемлеў жолындағы ҳәрекетлер ҳәм инвестициялар, көп тәреплеме бирге ислесиўдиң ҳуқықый ҳәм институтционаллық тийкарлары.

Саммиттиң жуўмақлары бойынша Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы арасында стратегиялық шериклик орнатыў ҳаққындағы тарийхый қарар қабыл етиледи. Қабыл етилетуғын ҳүжжеттиң қағыйдаларын әмелге асырыўға қаратылған комплексли илажларды биргеликте ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў зәрүр, деп есаплаймыз.

Бизиң стратегиялық шериклигимиз анық қарарлар, жойбар ҳәм бағдарламалар менен байытылыўы керек екенине беккем исенемен. Усы мүнәсибет пенен, бизиң еки регионымыз арасында шериклик ҳәм бирге ислесиў бойынша толық Келисимге қол қойыў мәселесин көрип шығыўды усыныс етемиз.

Биз, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша улыўмалық позицияларды ислеп шығыў ушын сыртқы сиясат уйымлары басшыларының ушырасыўларын турақлы өткерип барыў, парламентлераралық байланысларды жеделлестириў ҳәм «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» парламентлераралық бирге ислесиў форумын шөлкемлестириў және оның дәслепки илажын быйыл гүзде Өзбекстанда өткериў, жетекши таллаў орайларының бирге ислесиўин кеңейтиўди усыныс етемиз.

Саммитимизди ҳәр еки жылда бир мәрте өткериў бойынша усынысты толық қоллап-қуўатлаймыз. Келисимлеримизди өз ўақтында әмелге асырыўды тәмийинлеў бойынша системалы ислесиў мақсетинде гезектеги мәжилисимизге шекем саммит секретариаты функциясын өз мойнымызға алыўға таярмыз.

Екинши. Экономика ҳәм технологиялық модернизацияға инвестициялар киргизиў өз-ара бирге ислесиўимиздиң баслы нормасы болыўы керек.

Биз июнь айының басында Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен шерикликте Ташкент халықаралық инвестициялар форумын өткеремиз. Бул илажда Европаның жетекши компания ҳәм банклери менен улыўма баҳасы 30 миллиард евродан зыят болған усы жойбарлар портфелин усыныў нийетиндемиз.

Бүгинги күнде Европаның барлық бизнес «капитанлары», санаат ҳәм инновация тараўларының жетекшилери Өзбекстан ҳәм регионымыздағы басқа да мәмлекетлерде табыслы жумыс алып барып атырғанын атап өтиў орынлы. Олардың арасында «TOTAL», «Siemens», «Linde», «Airbus», «BASF», «IDF», «Orano», «OTP Group»  ҳәм басқа да көплеген корпорациялар бар.

Форум процесинде еки регионның инвестициялық имканиятларына бағышланған өз алдына сессияны өткериўди усыныс етемен. Өзбекстанда Европа компаниялары ушын Регионаллық санаат парки концепциясы менен таныстырыўды да әне, усы сессияда өткериўди режелестирип атырмыз.

Усы күнлерде Ташкентте Европа инвестиция банкиниң офисин ашыў ҳаққында қол қойылған келисим Европа Аўқамы мәмлекетлеринен Орайлық Азияға тиккелей инвестициялар ағымын қоллап-қуўатлайды.

Европалы шериклеримиз және бир басламамызды – «жасыл» энергетика, инновациялар, транспорт, инфраструктуралық тараўларда, аграр секторда ири регионаллық жойбарларды алға қойыў ушын Инвестиция платформасын иске қосыў бойынша усынысымызды қоллап-қуўатлайтуғынына үмит етемиз.

Буннан тысқары, мәмлекетлеримиздиң экономикалық мәплерин жақынластырыў бойынша бир қатар жаңа усынысларды билдирмекшимиз. Бул, бәринен бурын, инвестицияларды қорғаў ҳәм хошаметлеў ҳаққындағы көп тәреплеме келисимге қол қойыў, жеке сектордың ўәкилликлерин кеңнен тарта отырып, «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биргеликтеги саўда платформасын иске түсириў, киши ҳәм орта бизнес жойбарларын, биринши гезекте, ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бойынша биргеликтеги бағдарламаларды қабыл етиўге қаратылған.

Өзбекстанда өз-ара транспорт байланыслылығы бойынша гезектеги Экономикалық форум ҳәм Инвесторлар форумын қабыл етиўге таярмыз.

Сондай-ақ, экспорт етиўшилеримиздиң потенциалын арттырыў, лабораториялар, стандартластырыў ҳәм сертификатластырыў орайларын жаратыў ушын Европа Аўқамының техникалық жәрдемин кеңейтиў зәрүр болып табылады.

Үшинши. Саммит даўамында стратегиялық минерал ресурслар тараўында бирге ислесиў ҳәм инвестицияларды тереңлестириў бойынша қарар қабыл етиледи.

Өзбекстан геология-разведка, стратегиялық шийки зат материаллары кәнлерин өзлестириў ҳәм оларды қайта ислеў тараўында жоқары технологиялық өндирис тармақларын жаратыў бағдарында Европадағы жетекши компаниялар менен бирге ислесиў бойынша үлкен унамлы тәжирийбеге ийе екенин атап өтиў керек. Биз бул бағдарда Европа Аўқамы менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди тереңлестириўди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўталаў нийетиндемиз.

Усы өнимлерди, сондай-ақ, таяр санаат ҳәм аўыл хожалығы товарларын Европа базарларына жеткерип бериў ушын нәтийжели транспорт коридорларының жоқ екени бунда тийкарғы тосқынлық болып табылады. Соның ишинде, Транскаспий транспорт коридорын кеңейтиў ҳәм жүк пенен тәмийинлеў ушын өз-ара муўапықластырылған илажларды ҳәм бизнес ушын пайдалы шараятларды ислеп шығыў зәрүр. Бул ўазыйпалар «Глобал дәрўаза» улыўмаевропа бағдарламасының мақсетлерине толық сәйкес келеди.

Усы мүнәсибет пенен, келисилген көзқарасларды ислеп шығыў ушын Европа Аўқамының қәўендерлигинде усы жөнелисте жайласқан мәмлекетлердиң транспорт министрлери ушырасыўын шақырыўды усыныс етемиз.

Төртинши. «Жасыл» энергетика ҳәм экологиялық турақлылыққа қаратылған инвестициялар стратегиялық әҳмийетке ийе болып бармақта.

Өзбекстан Орайлық Азия регионынан Европаға электр энергиясын жеткерип бериў бойынша халықаралық жойбарды толық қоллап-қуўатлайды.

Саммит қарсаңында бул жойбарды  әмелге асырыў бойынша тийисли келисимди ратификацияладық.

Биз 2030-жылға барып мәмлекет энергия балансында қайта тикленетуғын энергияның үлесин 54 процентке жеткериўди, 24 мың мегаватт «жасыл» қуўатлықларды иске түсириўди режелестирип атырғанымызды атап өтиў керек.

«Таза» энергия бойынша , «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» шериклигиниң жолға қойылыўы менен өз-ара бирге ислесиўимиздиң әҳмийетли платформасы жаратылыўы мүмкин.

Сондай-ақ, «углерод кредитлери» жойбарларын ислеп шығыўды қаржыландырыў ҳәм олардың базарын раўажландырыў ушын түрлес министрликлердиң басшылары дәрежесинде жумысшы топарды шөлкемлестириўди усыныс етемиз. Болып өтиўи күтилип атырған Климат форумы барысында регионның «Жасыл» раўажланыў концепциясын усынамыз.

Бесинши. Инсан капиталына инвестициялар билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы алмасыўларды кеңейтиў имканиятын береди.

Жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаў бойынша «ЭРАЗМУС ПЛЮС» бағдарламалары шеңберинде регион мәмлекетлери ушын арнаўлы квоталарды енгизиў ушын мақсетке ерисиўге хызмет етиўи мүмкин.

Орайлық Азия мәмлекетлери менен илимий-билимлендириў бирге ислесиўин кеңейтиў ушын Өзбекстанда «Горизонт – Европа» бағдарламасының офисин ашыўға таярмыз. Буннан тысқары, жасалма интеллект, мағлыўматлардың «үлкен базалары» санластырыў, космослық изертлеўлер тараўында илимий ҳәм технологиялық алмасыўлар бойынша биргеликтеги бағдарламаларды ислеп шығыўды усыныс етемиз.

Өзбекстан, сондай-ақ, регион мәмлекетлерин санлы билдимлендириў тараўында Европа ҳәрекетлер бағдарламасына қосыў, Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлери университетлери арасында шериклик бағдарында «Жол картасы»н әмелге асырыў бойынша басламаларды алға қояды.

 

Европа ҳәрекетлер бағдарламасына қосыў, Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлери жетекши университетлери арасында шериклик бойынша «Жол картасы»н әмелге асырыў бойынша басламаларды алға қояды.

Европалы қәнигелердиң қатнасыўында «Ләзги» миллий балетиниң сахналастырылыўы мәденият тараўындағы кооперацияның айқын мысалы болды. Европадағы Лувр, Берлин Жаңа музейи, Вена пүткил жәҳән музейи сыяқлы ири музейлерде Орайлық Азияның тарийхый мийрасына бағышланған көргизбелер табыслы өткерилди.

Усы жылдың гүзинде бул жерде, Самарқандта өтетуғын, соңғы қырық жылда Парижден тысқарыда биринши мәрте болатуғын  ЮНЕСКО Бас конференциясы барысында барлық сырт елли шериклеримизди регионымыз халықларының бай мәденияты ҳәм көркем өнери менен және де кеңнен таныстырыўды қәлер едик.

Сондай-ақ, быйыл Бухарада биринши мәрте «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» туристлик форумын өткериўди режелестирип атырмыз.

Европа Аўқамы мәмлекетлериниң тәжирийбесин енгизиў тийкарында «Бир тур – пүткил регион» концепциясын әмелге асырыў, сондай-ақ, регионымыз туристлери ушын виза режимин жеңиллетиў мәселесин көрип шығыўда европалы шериклеримиздиң жәрдемине сүйенемиз.

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Қәўипсизликке байланыслы улыўмалық қәўиплер, атап айтқанда, терроризм, экстремизм, радикализм, кибержынаятшылық, наркотрафика ҳәм нызамсыз миграцияға қарсы гүресиўде бирге ислесиў барған сайын әҳмийетли болып бармақта.

Европалы шериклеримиздиң терроризмге қарсы гүресиў мәселелери бойынша сөйлесиўди жолға қойыў ҳаққындағы усынысын қоллап-қуўатлаймыз. «BOMCA» ҳәм «CADAP» бағдарламалары шеңберинде  өз-ара әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли, деп есаплаймыз.

Аўғанстанды  тыныш раўажландырыў мәселелеринде сиясий мәсләҳәтлесиўлерди даўам еттириўге таярмыз. Тилекке қарсы, дүнья жәмийетшилиги бул мәмлекет аймағынан келип шығатуғын барлық қәўип-қәтерлерди жеткиликли баҳалай алмай атыр.

Аўған тәрепин регионаллық экономикалық процесслерге, соның ишинде, инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў, социаллық тараўды қайта тиклеў жолы менен жедел тартыў зәрүр, деп есаплаймыз.  Қабыл етилген миннетлемелерди орынлаў ушын халықаралық жәмийетшиликтиң әмелдеги аўған ҳүкимети менен конструктив сөйлесиў орнатыў зәрүрлигин түсиниўинен ҳәм қоллап-қуўатлаўынан үмит етемиз.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Сөзимниң жуўмағында бизиң баслама ҳәм келисиўлеримизди әмелге асырыў механизмлерин енгизиў зәрүрлигин айрықша атап өтиўди қәлер едим.

Усы мүнәсибет пенен, «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» форматында Бас министрдиң орынбасарлары дәрежесинде ҳәр жылы ушырасыўлар өткерип барылатуғын Шериклик комитетин дүзиў мақсетке муўапық, деп есаплаймыз.

Қәдирли дослар!

Бәршеңизге ашық, исенимли ҳәм конструктив сөйлесиў ушын және бир мәрте терең миннетдаршылық билдиремен.

Европаның жетекши институтлары ҳәм қаржы шөлкемлериниң басшылары Орайлық Азияның улыўмалық позицияға ийе екенине, исенимли ҳәм жуўапкершиликли шерик сыпатында кең көлемли бирге ислесиўге таяр екениниң гүўасы болғанына беккем исенемен.

Бәршеңизди еки регион арасындағы стратегиялық шериклик орнатыў ҳаққындағы  тарийхый қарар қабыл етилиўи менен қутлықлайман.

Ерисилген барлық келисимлерди ҳәм алға қойылған басламаларды әмелге асырыў ушын Саммит секретариаты, экспертлер менен биргеликте, бир ай мүддетте, биз жумысшы тәртипте тастыйықлаўымыз мүмкин болған «Жол картасы»н таярлаў усынысын билдиремен.

Итибарыңыз ушын рахмет.