Өзбекстан Президенти БМШ Европа экономикалық комиссиясы басшысын қабыллады

509

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-апрель күни Самарқанд климат форумы шеңберинде БМШ Бас хаткери орынбасары, Европа экономикалық комиссиясының атқарыўшы хаткери Татьяна Молчанды қабыллады.

Сөйлесиў басында жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриштиң сәлеми менен шын кеўилден жоллаған тилеклерин жеткерди.

Мәмлекетимиз басшысы комиссияның 2030-жылға шекемги дәўиринде Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўдеги әҳмийетли орнын, сондай-ақ, транспорт, инновациялар, тоқымашылық, энергетика, экология ҳәм гендер теңлиги тараўларында, Өзбекстанның ЖСШға ағза болыўы мәселелеринде көрсетилип атырған экспертлик жәрдемин айрықша атап өтти.

Регионаллық ҳәм мәмлекет көлеминдеги жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2023-жыл ноябрь айында Баку қаласында болып өткен БМШтың Орайлық Азия экономикалары ушын арнаўлы бағдарламаның (СПЕКА) биринши саммитинде билдирилген басламаларын әмелий алға қойыў жоллары додаланды.

Өзбекстан тәрепиниң өтинишине бола СПЕКАның 2030-жылға шекемги раўажланыў концепциясы қабыл етилгенлиги, ЕЭК пенен саўданың тәртиплери ҳәм принциплерин әпиўайыластырыў бойынша «жол картасы»на қол қойылғаны, Транскаспий жолы шеңберинде санластырыў ҳәм ҳүжжетлер алмасыўы бойынша комплексли илажлардың избе-из әмелге асырылып атырғанлығы қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жыл басында комиссия жәрдеминде Өзбекстан Халықтың экологиялық жағдайы ҳаққындағы исенимли хабардан пайдаланыўы туўралы Орхус конвенциясына қосылды.

Ҳаўа конвенциясы ҳәм Санаат аварияларының трансшегаралық тәсири ҳаққындағы конвенцияға қосылыў мәселеси ислеп шығылмақта.

СПЕКА бағдарламасының Мақсетли қорын тез арада иске түсириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.