Түркменстан Президентиниң Өзбекстанға сапары жуўмақланды

577

«Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммитинде қатнасқан Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың Өзбекстанға сапары жуўмағына жетти.

Самарқанд халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер шығарып салды.

Еслетип өтемиз, саммитте Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Европа Аўқамы арасындағы көп тәреплемели қатнасықлар ҳәм әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў  перспективалары көрип шығылды.

ӨзА