Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Самарқанд халықаралық климат форумындағы шығып сөйлеген сөзи

Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Барлығыңызды бүгинги дәўирдеги тийкарғы қәўип – глобал климат өзгерислерине бағышланған конференциямызда шын жүректен қутлықлайман.
Ҳүрметли кәсиплеслерим – Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң жетекшилери, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң атынан қатнасып атырған бизиң исенимли бирге ислесиўшилеримиз, халықаралық қаржы институтлары, глобал ҳәм миллий экологиялық шөлкемлер ўәкиллерине усы илажда қатнасып атырғаны ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.
Сизлердиң форумдағы қатнасыўыңыз турақлы раўажланыўдың ең әҳмийетли мәселелери бойынша нәтийжели шешимлер излеўде биргеликте ҳәрекетлер алып барыўға садықлық үлгиси болып есапланады.
Бул үлкеде әсирлер даўамында жаңа идея ҳәм билимлер жаратылған, исеним ҳәм дөретиўшилик шериклик орайларынан бири болған әййемги Самарқандта биз климат тараўындағы заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша биргеликте тәсиршең илажлар ислеп шыға алатуғынымызға исенемен.
Өзбекстанға хош келдиңиз!
Самарқандқа хош келдиңиз!
Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!
Өткен жылы планетамызда орташа ҳаўаның температурасы биринши мәрте Цельсий шкаласы бойынша бир ярым дәрежеден жоқарырақ көтерилди. Соңғы он жыллық пүткил метеобақлаўлар тарийхындағы ең ыссы дәўир болды. Соның ақыбетинде бүгин биз барлығымыз климат кризислериниң унамсыз тәсирлери – тоғай өртлери ҳәм шөллениў көлеми артып атырғаны, музлықлар қысқарып атырғаны, суў ресурслары тамтарыслығының күшейип атырғаны, ҳаўаның сапасы төменлеп атырғанын сезип атырмыз.
Қайталап айтаман, қоршаған орталықты қәстерлеп сақлаўда жуўапкершилик ҳәммемиздиң мойнымызда. Бул күн тәртибимиздеги ең әҳмийетли мәселе болып есапланады.
Орайлық Азия мәмлекетлери тәрепинен климат өзгериўлерине бейимлесиў бойынша стратегия ислеп шығылғаны ҳәм бир аўыздан мақулланғанын атап өтиў орынлы. Өзбекстан региондағы барлық шериклер менен улыўмалық мақсетлер менен ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша тығыз бирге ислесиў нийетинде.
Биз, сондай-ақ, Европа тәрепи менен Арал теңизи қурыўының ақыбетлерин жумсартыў, суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, «таза» энергия дереклерин кеңейтиў бағдарламалары шеңберинде табыслы бирге ислесип атырмыз. Бундай шериклик Орайлық Азияда турақлы «жасыл» раўажланыўға әҳмийетли үлес қосады.
Әлбетте, ҳәзирги күнде Европа Аўқамы климат өзгерислерине қарсы гүресиў мәселелерин әмелге асырыў ҳәм қорғаўда глобал жетекши болып есапланады. Биз келешекте де бул тараўдағы әмелий бирге ислесиўди және де тереңлестириўге таярмыз.
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Климат өзгериўи машқалалары азық-аўқат ҳәм энергия қәўипсизлиги менен тығыз байланыслы. Регион халқы 25 жылдан соң 100 миллион адамнан артыўы күтилип атырған бир ўақытта өнимдарлы жерлер тез пәтлер менен қысқарып бармақта.
Ҳәзирги күнде региондағы улыўма жер майданының 20 проценттен артығы деградацияға ушыраған. Шерек әсирден кейин өнимдарлы жерлер үштен бир бөлекке азайып кетиўи мүмкин.
Усы мүнәсибет пенен, тоғай хожалығы ҳәм аграр тараўдың бейимлесиўшеңлигин арттырыў, сондай-ақ, «Горизонт-Европа» бағдарламасы шеңберинде азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеў ушын илимий имканиятымызды бирлестириў турмыслық мәселе, деп есаплайман.
Өзбекстан деградацияға ушыраған жер майданларын қысқартыў ҳәм климат өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў мақсетинде «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде кең көлемли көклемзарластырыў жумысларын алып бармақта. Буннан тысқары, Аралбойының 2 миллион гектардан артық шөл аймақларында қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлер егилди.
Ҳәр жылы Наўрыз байрамы алдында терек егиў бойынша «Орайлық Азияның жасыл белбеўи» регионаллық акциясын өткериўди усыныс етемен.
Оның шөлкемлестирилиўи бизиң ийгиликли дәстүримизге ҳәм тәбийғый апатшылықларға қарсы гүрестеги бирлигимиздиң тымсалына айланатуғынына исенемен.
Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!
Өзбекстан экономикалық раўажланыўдың ресурсларын үнемлейтуғын ҳәм экологиялық таза моделине өтиўди баслады.
Бул бағдардағы ең әҳмийетли бағдарлардан бири – «жасыл» энергетика болып табылады. Жақын бес жылда қайта тикленетуғын дереклерден алынатуғын энергияның үлесин 54 процентке жеткериўди мөлшерлеп атырмыз. Бул атмосфераға шығарылып атырған зыянлы газлер муғдарын 16 миллион тоннаға қысқартыў имканиятын береди.
Биз Өзбекстанның Париж келисим шеңберинде пуў газлерин шығарыўды 35 процентке азайтыў бойынша алған ўазыйпаны мүддетинен алдын орынлаў ушын барлық ҳәрекетлеримизди иске қосатуғынымызды атап өтпекшимен.
Соның менен бирге, биз бул шекте тоқтап қалмақшы емеспиз.
Қаржыландырыў, технологиялар ҳәм компетенцияларды мобилизациялаў мақсетинде Ташкент қаласында Европа Аўқамының «Суў-Энергия-Климат өзгериўи» деп аталған басламасының секретариатын шөлкемлестириўди усыныс етемиз.
Буннан тысқары, улыўмалық стратегиялық ўазыйпаларды әмелге асырыў шеңберинде бул форумда регионның «жасыл» раўажланыў концепциясы усыныс етиледи. Бул ҳүжжеттиң қабыл етилиўи ҳәм әмелге асырылыўы Орайлық Азияның экологиялық бағдарланған раўажланыўы ушын беккем тийкар жарататуғынына исенемен.
Ҳүрметли делегациялар ағзалары!
Таллаўларға бола, Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьяда суў ағысының азайыўы нәтийжесинде 2040-жылға барып Орайлық Азия мәмлекетлери жоқары дәрежедеги суў тамтарыслығына ушырайды.
Биз әлле қашан инсанияттың ең ири апатшылықларынан бири – Арал теңизиниң қурыўы ақыбетлерин бастан кеширмектемиз.
Биз суў ресурсларын үнемлеў мақсетинде ирригация системаларын бетонластырып атырмыз. Суўды үнемлейтуғын технологияларды ислеп шығарыў бойынша санаат базасын жараттық, суўғарылатуғын жерлердиң дерлик ярымында әне, сондай, технологияларды енгиздик. (Бул дерлик еки миллион гектар жер майданы дегени). Бундай илажлар нәтийжесинде өткен жылы 8 миллиард метр куб суўды үнемлеўге еристик.
Орайлық Азияда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бағдарындағы ҳәрекетлерди бирлестириў ҳәм бул тараўда регионаллық бағдарламаны иске қосыўға шақырамыз.
Бул режелердиң барлығын экспертлердиң додалаўынан өткериў ушын Аралбойы регионында халықаралық форум өткериўди мақсет еткенбиз.
Сондай-ақ, музлықлардың жағдайы ҳәм региондағы таў экосистемаларында пайда болыўы мүмкин болған қәўип-қәтерлерди алдыннан баҳалаў ушын жасалма жолдас арқалы үзликсиз бақлаўларды жолға қойыў бойынша «Коперник» бағдарламасы шеңберинде Европа Аўқамы менен тығыз бирге ислесиўге үмит етемиз.
Ташкенттеги «Жасыл университет» базасында жаратылған Климат резиденциясы Орайлық Азияда болып атырған климат процесслерин үйрениў ҳәм мониторинг етиў бойынша улыўма илимий-экспертлик платформасы болып хызмет етиўи мүмкин.
Буннан тысқары, ертең Нөкис қаласында регионымыздың экологиялық машқалаларына көркем өнер тараўындағы жойбарлар арқалы итибарды тартыўға қаратылған Арал мәденият саммити өз жумысын баслайды.
Қәдирли дослар!
Сөзимниң соңында «Биз жерди ата-бабаларымыздан мийрас сыпатында емес, ал перзентлеримизден қарызға алғанбыз», деген белгили ҳикметли сөз дизбегин еслетип өтиўди қәлер едим. Ҳәзирги күнде бизиң ўазыйпамыз – келешек әўладлар турақлы, қәўипсиз ҳәм абадан дүньяда жасаўы ушын барлық илажларды көриўден ибарат.
Оның ушын қарым-қатнасларды беккемлеў, улыўма ийгиликли мақсетлер жолында бирлескен барлық мәмлекетлердиң ҳәрекетлерин тутастырыў зәрүр.
Итибарыңыз ушын рахмет.