Конституция еркинлигимиз кепили

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығы Республикамыз бойлап кең түрде белгиленбекте. Ҳәр бир жоқары оқыў орны, мәкеме ҳәм шөлкемлерде сәне мүнәсибети менен байрам кешелери, ушырасыў ҳәм конференциялар шөлкемлестирилмекте.
Мухаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалында да бир 3атар тараў ўәкиллериниң қатнасыўында «Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығы» атамасында илаж болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Б.Сейтназаров, Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары Б.Қытайбеков, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасының баслығы Х.Бекчанов, Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалы директоры ўазыйпасын атқарыўшы Р.Өтениязов ҳәм усы оқыў орынының пофессор -оқытыўшылары менен студент- жаслары қатнасты.

Илажда шығып сөйлеўшилер нызамлы ҳуқықый ҳүжжет болған Конституциямыздағы инсан ҳуқықларын қорғаў, еркин пуқаралық ҳуқықлары, жаслардың билим алыўы ең тийкарғысы, инсан мәпи барлық нәрседен үстин туратуғын елимиздеги инсан ҳуқықлары усы ҳуқықый ҳүжжет тийкарында қорғалатуғынын атап өтти.
Атап өтилгениндей, Конституция –ҳәр бир мәмлекеттиң тарийхы, бүгинги күни ҳәм келешегин, халықтың ерк -ықрарын өзинде сәўлелендириўши нызам болып есапланады.
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында қабыл етилген. Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы алғы сөз, 6 бөлим, 26 бап, 121 статьядан ибарат.
Конституция әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың ҳәм олардың нызамшылық тийкарларын жаратыўдың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болып есапланады. Бас Нызамымызда барлық нормалар ең алды менен инсанның ҳуқық ҳәм мәплерин кепилликке ала отырып, инсан –жәмийет-мәмлекет принципи тийкарында ислеп шығылған.
Студент- жаслар тәрепинен конституциялық ҳуқықлар, салық тараўындағы жеңилликлер, суд системасындағы жаңалықлар ҳаққында берилген сораўларға қәнигелер тәрепинен тийисли жуўаплар берилди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги